Инклюзив спорт – ҳәмме ушын тең имканиятлар есиги

Инклюзив спорт барлық пуқаралар, соның ишинде, майыплығы болған шахслар ушын да физикалық белсендилик ҳәм спорт шынығыўларында еркин ҳәм иркинишсиз қатнасыў имканиятын жаратыўға қаратылған қатнас болып есапланады.
Буннан былай улыўма билим бериў мектеплери жанындағы спорт клубларында жумыс алып баратуғын спорт-саламатландырыў топарлары тек ғана мектеп оқыўшылары ушын емес, ал мәҳәлледе жасайтуғын майыплығы болған шахслар ушын да ашық болады.
Арнаўлы инклюзив спорт топарлары шөлкемлестирилип, ҳәр бир пуқара өз имканиятларынан келип шығып, спорт пенен шуғылланыў ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыў имканиятына ийе болады.
Бул баслама Спорт министрлиги, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ҳәм Өзбекстан адаптив спорт түрлери ассоциациясы арасында қол қойылған ҳүжжетке муўапық әмелге асырылады.
Нигора Раҳмонова, ӨзА