Соңғы бес жылда санаторийлерде 900 мыңға шамалас халық өз саламатлығын тикледи

Кәсиплик аўқамлары системасындағы 30 дан аслам санаторий ҳәм 100 ден аслам балалар дем алыў орайлары хызметкерлер ҳәм олардың перзентлериниң саламатлығын тиклеп, дем алыўы ушын хызмет етпекте.
Соңғы бес жылда санаторийлерде 900 мыңға шамалас халық өз саламатлығын тикледи, дем алыў орайларында болса 800 мың бала дем алды.
Жақында Ыссықкөлде “Бостан-Резорт” пансионатының иске қосылғаны ўатанласларымыз ушын және бир қолайлық болды. Соның менен бирге, бул Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қатнасықларының беккемленип атырғанының символына айланды.
Бирақ, кәсиплик аўқамлары инфраструктурасы халқымыздың талапларын толық қамтып алмай атырғаны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәкимлерди шетте турмастан, ҳәр жылы өз аймағында кәсиплик аўқамлары менен биргеликте ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жәрдеминде заманагөй жойбарлар тийкарында биреўден санаторий ҳәм дем алыў орнын қурыў бойынша өз алдына бағдарлама тастыйықлаўға шақырды.
Президент Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамлары ўәкиллери менен ушырасты.
ӨзА