Нуранийлар саламат турмыс тәризин енгизиўге үлес қоспақта

117

“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы әмелде

«Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен “Ғайратлы кекселер” сүрени астында Республикалық спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген спорт мектебиниң кураш базасында нураныйлар арасында “Миллий гүрес” бойынша жарыс өткерилди.

Жарысқа барлық қала ӽәм районларда өткерилген миллий гурес бойынша беллесиўлерде жеңимпаз болған нураныйлар қатнасты. Олар 80 килограммға шекемги ӽәм 80 килограммнан жоқары болған салмақларда гүрести.  Жарыс жуўмағында 80 килограммға шекемги салмақтағы палўанлар арасында сыйлы биринши орынды Қоңырат районынан А.Атабаев, екинши орынды Мойнақ районынан А.Сақтағанов, үшинши орынды Шымбай районынан П.Данияров, Кегейли районынан А.Жийенбаев ийеледи. Ал, 80 килограммнан жоқары салмақтағы палўанлар арасында биринши орынға Қоңырат районынан З.Ешмуратов, екинши орынға Нɵкис қаласынан Н.Даўлетияров, үшинши орынға Әмиўдарья районынан Д.Ешчанов, Кегейли районынан Ө.Утемуратов мүнәсип көрилип, «Нураный» қоры Карақалпақстан  Республикасы бөлими тәрепинен сыйлықланды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жылы 25-ноябрь күнги “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыўға белсенди нураныйларды тартыў илажлары ҳаққындағы” қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәҳәллелерде саламат турмыс тәризин енгизиў бағдарында усындай илажлар барлық орынларда әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, “Жаслар орайы”нда  нураный  атаханлар  арасында шахмат түринен, ал, кексе аналар арасында шашка бойынша  республикалық спорт жарысы болып өтти. Қатнасыўшылар олимпиада системасы тәртиби тийкарында 4 тур даўамында беллесип, бириншиликти Әмиӱдәрья районынан М.Матякупов, екинши орынды Бозатаў районынан З.Абипов, үшинши орынды Нɵкис районынан Р.Примов ҳәм Қоңырат районынан С.Қурбанов ийеледи. Ал, шашка спорт түринен Беруний районынан З.Абдуллаева биринши, Елликқала районынан М.Бабажанова екинши, Нɵкис районынан З.Қаюпова менен төрткүлли Г.Гайповалар үшинши орынға ылайық деп табылды. Жеңимпазлар «Нураный» қоры Карақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги