Жерден пайдаланыў бойынша усыныслар көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев аўыл хожалығында жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар менен танысты.
Соңғы бес жылда жер есабын жүргизиў бойынша жаңа система жаратылды, қысқа ўақытта мәмлекетимиздеги 45 миллион гектарға шамалас жер майданынан 42 миллион гектары, яғный 94 проценти, аўыл хожалығына мөлшерленген 26 миллион гектардан аслам жерлердиң 88,4 проценти мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Презентация даўамында бурын пуқаралар ҳәм шөлкемлер пайдаланыўында болып, район ҳәкимликлери қарамағына қайтарылған бос жерлердиң есабын өз алдына жүргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бундай жерлерди қысқа мүддетте аукционға шығарыў бойынша инсан факторысыз ислейтуғын система жаратыў тапсырылды.

Аўыл хожалығында жерге ижара ҳуқықын базар активине айландырыў бойынша жумыслар басланды, жерге байланыслы қайта ижара, екилемши ижара институтлары киргизилди.
Енди ижараға берилген жерлердиң бир бөлегин қайта ижараға бериўге, яғный бир бөлегин өзинде қалдырып, қалған бөлегин басқа ижарашыға өткериўге де руқсат бериледи. Бурын буның ушын жерди мәмлекетке қайтарыў ҳәм жаңадан аукционға шығарыў керек еди.
2021-жылдан баслап аўыл хожалығы жерлери тек ғана ижара ҳуқықы менен ажыратылмақта. Мәжилисте 2027-жыл 1-январьға шекем аўыл хожалығында пайдаланылып атырған барлық жерлерди ижара ҳуқықына өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерге хызмет көрсетиўши объектлер – жеңил конструкциялы музлатқышлы қоймаханалар, сайлап алыў, қадақлаў орынлары, суўды үнемлейтуғын технологиялар, атыз шертеги, техника паркин қурыўға руқсат бериледи.

Оның ушын алдын жер дүзиў жойбары ислеп шығылып, тастыйықланады. Бул жойбар қурылысқа руқсат бериў ўақтында жерге болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжет сыпатында қабыл етиледи.
Бул жаңалық аўыл хожалығында жаңа имканиятларды ашады, бағман өз бағының бир шетинде мийўени сақлаў орны, шарўа өз жайлаўының бир бөлегинде шарўа маллары ҳәм шарўа от-жемин сақлаў орынларын қурыў имканиятына ийе болады.
Мәмлекетимиз басшысы аўыл хожалығында ижара қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў, ижарашылардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, тараўға базар қатнасықларын және де кеңнен енгизиў бойынша көрсетпелер берди.
Презентация жуўмағында бул илажларды әмелге асырыў бойынша пәрманға қол қойылды, нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлерге тийисли өзгерислер киргизилиўи белгиленди.
ӨзА