Муғаллимлерди жумыстан босатыў бойынша рәсмий көрсетпе берилмеген – министрлик

154

Алдын Кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине усы оқыў жылынан баслап В2 сертификатына ийе болмаған шет тиллери муғаллимлерин жумыстан босатпаўды сорап, усыныс киргизген еди.

Бул усынысқа Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен берилген жуўап хатында аймақлық басқармалар ҳәм система шөлкемлерине усы оқыў жылынан баслап В2 сертификатына ийе болмаған шет тиллери муғаллимлерин жумыстан босатыў бойынша рәсмий көрсетпе берилмегенлиги көрсетилген.

“Мийнет кодексиниң 10-статьясына бола, мийнет ҳаққындағы нызамшылық усы Кодекстен ҳәм жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықларды ҳәм олар менен тиккелей байланыслы болған жәмийетлик қатнасықларды тәртипке салыўшы басқа да нызамшылық ҳүжжетлеринен ибарат.

Усы кодекстиң 19-статьясында, хызметкер ҳәм жумыс бериўши жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықлардың субъектлери екенлиги белгиленген. Усыған муўапық, Мийнет кодексинде, басқа да нызамларда нәзерде тутылған тәртипте ҳәм шәртлер тийкарында мийнет шәртнамасын дүзиў, өзгертиў ҳәм бийкарлаў тиккелей жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықлардың субъектлери арасында шешилиўи керек,” – делинеди министрликтиң жуўап хатында.

Соның менен бирге, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң усынысына бола, усы жылдың август айында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги тәрепинен шет тили муғаллимлери ушын шет тилин билиў дәрежесин анықлаў бойынша қосымша тест сынақларын шөлкемлестириў илажлары көрилип атырғаны мәлим етилди.

Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 19-майдағы “Шет тиллерин үйрениўди ғалаба ен жайдырыўды нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы 312-санлы қарарының 9-бәнтине муўапық, 2025-2026-оқыў жылына шекем улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелеринде жумыс алып барып атырған барлық шет тиллери муғаллимлери кеминде Б2 дәрежедеги миллий ямаса оған теңлестирилген сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе болыўы керек екенлиги белгиленген,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги