Өнер ҳәм мийнет үлгиси

222

Ҳәр қандай жәмийеттиң раўажланыўы бәринен бурын мийнет сүйгиш инсанлар арқалы жүзеге шығады. Сондай инсанлар бар, олардың жумысы тек ғана шаңарағы ушын емес, ал жәмийет ушын да пайдалы.

Әмиўдәрья районы Чайкөл аўылында өзиниң өнери ҳәм мийнети менен танылған Бибиробия Усманованың исми бүгин көпшиликке таныс. Оның гүлшилик тараўындағы көп жыллық тәжирийбеси тек ғана өзиниң шаңарағы емес, ал пүткил мәҳәллениң турмысына унамлы тәсир етип келмекте. Гүл өсириў арқалы тек ғана экономикалық дәрамат табыў емес, ал қоршаған орталықты гөззалландырыў, абаданластырыў мүмкин екенлигин ол өз жумысында әмелде дәлиллеп берген.

Оның гүллери тек ғана көзди қуўандырып қоймастан, ал ҳәр түрлилиги менен де ажыралып турады. Оның бағында ушырасатуғын түрлер арасында хризантема, түрк гвоздикасы, адонис, ситус, серен, лилия ҳәм сегиз түрдеги әтиргүллер бар. Сондай-ақ, мийўели терек нәллери ҳәм тоғыз түрдеги жүзим сортларын да тәрбиялап келмекте. Бул өнимлер тек аўыл халқы емес, ал район базарларында да үлкен талапқа ийе.

Пидайы мийнетлериниң нәтийжеси сыпатында Бибиробия Усмонова “Ибратлы ҳаял” көкирек белгиси менен сыйлықланған. Оның меҳри ҳәм тәртиби шаңарақ ағзаларына да илҳам дәреги болған. Буны оның қызы Дилрабо Оразымбетова да анасының изинен барып, “Үмит ушқыны” көкирек белгиси менен сыйлықланғаны менен көриў мүмкин.

Жергиликли халық ушын бундай инсанлар үлги болып хызмет етеди. Олар арқалы дәстүрий өнерлер сақланып қалады, жаслар өрнек алады. Ҳәр бир мәҳәлледе усындай мийнеткеш, кеңпейил ҳәм уллы инсанлар бар екен, жәмийеттиң раўажланыўы кепилленген, деп айтыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги