Өзбекстанда пенсия тайынлаў: Жаңа ҳәм қолайлы тәртип

148

Бүгинги күнде пенсия системасы бойынша пуқаралар арасында түрли сораўлар тез-тез ушырасып турыпты.

Көпшилик жағдайларда рәсмий ҳүжжетлердеги қыйын  атамалар ҳәм есап-санақлар адамларға  түсиниксиз  болып қалмақта, нәтийжеде надурыс таллаўлар ҳәм түсинбеўшиликлер болып қалмақта. Сол себепли, биз Пенсия қоры тәрепинен усыныс етилген мағлыўматларға тийкарланып, пенсия есап-санақлары ҳәм оған байланыслы тәртиплерди пуқараларға және де түсиникли ҳәм әпиўайы тилде түсиндириўди мақсет еттик.

Өзбекстанда пенсия тайынлаўдың тәртиплери әпиўайылластырылды

Бир ўақытлары  пенсия тайынлаў ушын пуқаралар тәрепинен мүрәжат  етиўдиң айрықша тәртиби бар еди. Бүгинги күнде болса пенсия тайынлаў ушын енди мүрәжат керек емес!

Яғный Өзбекстанда пенсия системасы басқышпа-басқыш санластырылып атырғаны себепли, жасқа байланыслы ҳәм майыплығы болғанларға берилетуғын пенсиялар автомат түрде тайынланбақта. Бир сөз бенен айтқанда, енди пенсия алыў ушын мәмлекетлик уйымларға  жуўырып  жүриў, ҳүжжет жыйнаў керек болмай қалды. Барлығы – электрон  мағлыўматлар арқалы инсан факторысыз әмелге асырылады.

Бул мағлыўматлар қай жерден алынады?

– Электрон ҳүкимет платформасы – шахсқа байланыслы мағлыўматлар;

– Бирден-бир миллий мийнет системасы – жумыс стажы;

– ПҲАЖ – шаңарақлық жағдай;

– Жоқары билимлендириў министрлиги – оқыў дәўири;

– Халық банки – 2005-2015-жыллар мийнет ҳақы;

– Салық комитети – 2016-жылдан кейинги мийнет ҳақы.

Бағыўшысын  жойытқанлық пенсиясы болса тек мүрәжат тийкарында бериледи.  Онда Мәмлекетлик хызметлер орайы ямаса  my.gov.uz порталы арқалы арза тапсырылады.

Итибар бериң!

Келешекте пенсия машқаласыз тайынланыўы ушын:

– Ислемей атырған пуқаралар Бәнтликке жәрдем бериў орайына мүрәжат етип, мийнет дәптерин санластырып алыўы керек.

– Ислеп атырғанлар болса жумыс бериўшисинен мийнет ислегени ҳаққындағы мағлыўматларды санластырыўды талап етиўи керек.

–  my.gov.uz арқалы мағлыўматлар дурыс екенлигин тексерип барыў мүмкин.

Пенсия қайта есапланыўы мүмкин

Төмендеги жағдайларда пенсия муғдары қайта көрип шығылады:

– Жаңа жумыс стажы ямаса  мийнет ҳақы ҳаққында қосымша мағлыўмат усыныс етилсе;

– Майыплығы болған топары өзгерсе;

– 1 жылдан аслам ислесе;

– Бағыўшысын жойытқанлық пенсиясында шаңарақ ағзаларының саны өзгерсе;

– Президент қарары тийкарында пенсиялар арттырылса.

Еслетпе: Егер пуқара 3 ай ишинде қосымша ҳүжжет тапсырса, пенсия қайта есапланады ҳәм алдынғы айлар ушын да пенсия парқы төлеп бериледи.

Пенсия пуллары қай жерден келеди?

Пенсиялар, тийкарынан, кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен төленетуғын социаллық салықлар есабынан төленеди.

– Мәмлекетлик шөлкемлер ушын – 25%

– Жеке меншик сектор ушын – 12%

– Жеке  исбилерменлер ҳәм өзин-өзи бәнт еткенлер де белгиленген муғдарда социаллық салық төлейди.

Қалаберди, мәмлекетлик бюджет арқалы да Пенсия қорына қаржылар ажыратылады.

Быйылғы жылдың июль айында 4,2 млн пенсионерге пенсия төленген. Бир айлық улыўма сумма – 6,7  трлн сум.

Пенсия  қалай төленеди?

– Пенсияны нақ ямаса банк картасы арқалы алыў мүмкин.

– 85% пуқаралар банк арқалы, 15% нақ алады.

– Пенсияларды көшпели  кассалар арқалы үйиңизге шекем жеткерип бериў имканияты да бар.

Бул хызмет бийпул.

Банк картасына  өткерилгенде:

– Пенсия ҳәр айдың 5-сәнесине шекем картаңызға түседи;

– Ҳәр айда  1% қосымша бонус төленеди;

– Арзаны банк мобиль қосымшасы арқалы берсе болады.

Қандай жағдайларда пенсия тоқтатылады?

– Пуқара қайтыс болса,

– Сырт елге жасаўға кетсе,

-Жаза мәкемесине жайластырылса,

– Майыплығы болған мүддети  тамамланса,

-Бағыўшысын жойтқанлық пенсиясын алатуғын бала 18 (ямаса 23) жасқа жетсе, пенсия тоқтатылады.

Пенсиядан  шегирмелер болыўы мүмкин бе?

– Тек суд қарарлары тийкарында ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы арқалы;

-Пенсиядан алынатуғын сумма бир айлық пенсияның 50% инен аслам болмаўы керек;

– Пенсионерге смс арқалы хабар бериледи.

Пенсия системасы жаңаланбақта ҳәм әпиўайы пуқаралар ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Бул система арқалы сиз мәмлекетлик уйымларға бармастан, бир қатар ҳүжжетлер  менен әўере болмастан пенсия алыўыңыз мүмкин. Тек бир нәрсе: жумыс ислегениңиз  ҳаққындағы мағлыўматларды электронластырыўды умытпаң!

М.Эшмирзаева, ӨзА