Өзбекстан ҳәм Қытай электроника тараўындағы бирге ислесиўди және де кеңейтеди

130

Ҳәзирги күнлерде “Өзэлтехсанаат” ассоциациясының баслығы Мирзиёд Юнусов басшылығындағы жумысшы топар хызмет сапары менен Қытай Халық Республикасында болып тур.

Сапар шеңберинде жумысшы топар Қытайдың жетекши электроника компанияларынан бири болған “China Electronics Corporation” (CEC)  вице-президенти Ян Лиминг пенен ушырасыў өткерди.

Сөйлесиўлерде заманагөй электроника өнимлерин ислеп шығарыў, алдыңғы технологияларды трансферлеў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў ҳәм Өзбекстанда CEC пенен биргеликте өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

Бирлеспениң мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, “China Electronics Corporation”  (CEC) – Қытайдың электроника ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы ең ири конгломератларынан бири болып есапланады. Компания қурамында 660 тан аслам биргеликтеги кәрхана жумыс алып барады. Олардың қатарына (CEC)   “Panda”, “Great Wall Technology”, “China Software & Service Co.”  сыяқлы ири структуралар киреди. Улыўма хызметкерлердиң саны 130 мыңнан асады.

(CEC)   компаниясы 14 жылдан берли “Fortune Global 500” дизиминде атап көрсетилмекте. 2024-жылы ол дүньядағы ең ири компаниялар арасында 435-орынды ийеледи. Сондай-ақ, компания “Санлы Қытай” ҳәм “Қытайда ислеп шығарылған-2025” сыяқлы миллий стратегияларды әмелге асырыўда жетекши роль атқарады. Оның өнимлери ҳәм шешимлери дүньяның 60 тан аслам мәмлекетине экспорт етилмекте.

Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы санаат кооперациясын беккемлеў, атап айтқанда, электротехника тараўында узақ мүддетли стратегиялық шерикликти раўажландырыўдан еки тәреп те мәпдар екенин атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын үйрениў ҳәм әмелий илажларды белгилеў бойынша келисимге ерисилди.

Н.Зиёдуллаева, ӨзА