Исбилерменлерге әмелий жәрдем көрсетилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының биринши орынбасары М.Уразалиев Нөкис районында жайласқан қақланған помидор таярлаўшы кәрхананың жумысы менен жақыннан танысты.
Елимизде жетистирилген помидор өнимлерин тәбийғый шараятта қақлап, экспорт етип атырған бул фермер хожалығы мәмлекетимиздиң экспорт потенциалында аз қәрежетли жаңа бағдарды ашып бергенин атап өтиў керек.

– Франция мәмлекетинен алып келинген арнаўлы туқымнан айрықша тәрбиялаў жолы менен жетистирилетуғын помидорды дузлап, тәбийғый шараятта қуяш нурында кептириў көп қәрежет талап етпейди,-дейди хожалық басшысы Шерзод Ниязимбетов. – Тәбийғый шараятта кептирилген органикалық помидор өнимине Франция, Италия базарларында талап артып бармақта. Өткен жылы 100 мың АҚШ доллары баҳасындағы 18 тонна қақланған помидор өнимин экспорт еткен болсақ, быйылғы жылы да өним писип, қақлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Ушырасыў даўамында М.Уразалиев хожалықтың экологиялық таза қақланған помидор таярлаў, қайта ислеў ҳәм сақлаўды шөлкемлестириў жойбары шеңберинде әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысып, 100 гектар жерде тамшылатып суўғарыў системасын енгизиў ҳәм аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўда бар машқала ҳәм мәселелерди үйренди.

Қақланған помидор товарларының экспорт географиясын арттырыў бойынша усыныслар берилип, қайта ислеўди шөлкемлестириўде сырт елден алып келинген әсбап-үскенелерге бажыхана төлемлеринен берилетуғын жеңилликлер, “Экспорт 3 қәдемде” системасының абзаллықлары бойынша мағлыўматлар берилди.
Гезектеги мәнзилде бажыхана жуўапкерлери Хожели районындағы Саманкөл АПЖ аймағында жайласқан жаслар социаллық-экономикалық орайын шөлкемлестириў инвестициялық жойбары менен танысты.

Баҳасы тиккелей сырт ел инвестициясының қаржылары есабынан 100 миллион АҚШ долларына баҳаланған бул жойбар ушын 152 гектар жер майданы ажыратылған. 2028-жыл декабрь айында иске қосылыўы режелестирилип атырған бул объектте сырт ел инвестициясын өз ўақтында өзлестириў, қурылыс жумысларын сапалы алып барып, жойбардың кешиктирмей иске қосылыўын тәмийинлеў илажларын көриў бойынша усыныслар берилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.