Ҳүкиметтиң атқарыў аппараты ҳәм атқарыўшы уйымлардың штат-структурасы да қайта көрип шығылады

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен қол қойылған “Мәмлекетлик басқарыў системасында эффективлилик, проактивлик ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында”ғы пәрманда келтирилген.
Республикалық ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, тәкирарланатуғын қадағалаў функцияларын бийкарлаў, қарар қабыл етиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеў көзқарасынан нәтийжелилиги арттырылады.
Аймақларды комплексли раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бағдарында жергиликли ҳәкимликлердиң экономикалық, ҳәкимшилик ҳәм қаржы ўәкилликлери және де кеңейтиледи.
Пәрманның талапларын есапқа алған ҳалда Ҳүкиметтиң атқарыў аппараты ҳәм атқарыў уйымларын штат-структурасы да қайта көрип шығылады ҳәм оптималластырылады.
ӨзА