ӨзАның бирге ислесиўшилери қатары кеңеймекте

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА) ҳәм Беларусь телеграф агентлиги (БелТА) арасында бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жаңалықлар алмасыў жеделлигин арттырыўға қаратылған Мәлимлеме алмасыў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды.
Тәреплер ишки ҳәм халықаралық күн тәртибиндеги тийкарғы ўақыялар ҳаққында турақлы түрде исенимли мәлимлеме алмасыўға келисип алды. Бул процессте мәмлекет басшылары, рәсмий делегациялардың сапар етиўи, сондай-ақ, ҳәр еки мәмлекетте өткерилетуғын ири илажларды мәлимлеме жағынан қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылады.
Меморандум кәсиплик раўажланыў бағдарламалары – алдыңғы тәжирийбени үйрениў ҳәм маманлық арттырыў өз-ара әмелиятын да нәзерде тутады. Атап өтилгениндей, бундай алмасыў кадрлар потенциалын беккемлейди, ўақыяны сәўлелендириўде анықлық ҳәм оперативлик бойынша бирден-бир стандартты ислеп шығыўға жәрдемлеседи.
ӨзАныӊ Бас директоры Абдусаид Қўчимов ҳәм БелТА Бас директоры Ирина Акулович тәрепинен онлайн қол қойылған келисим еки мәмлекеттиң жетекши мәлимлеме агентликлери шериклигин тереңлестириў жолында қойылған және бир қәдем сыпатында, улыўма, Өзбекстан – Беларусь бирге ислесиўи жоқары өсиў пәтин билдиреди.
Бул ҳүжжеттеги қағыйдалардың әмелге асырылыўы өз-ара исенимди және де беккемлеп, мәлимлеме алмасыў көлемин кеңейтиў, регион ҳәм дүньядағы ўақыяларды қалыс, тең салмақлы сәўлелендириўге хызмет ететуғыны сөзсиз.
Абдуазиз ХИДИРОВ, ӨзА