Роботлар қатнасқан биринши футбол жарысы болып өтти

Пекинде роботлар арасында биринши мәрте футбол жарысы шөлкемлестирилди, деп хабар берди “Правила жизни”. Турнирде жасалма интеллектке ийе гуманид роботлар қатнасты ҳәм өзин ҳақыйқый спортшылардай тутты – олар қәтержамлықты сақлаған ҳалда майданда жедел ҳәрекет етти ҳәм топ ушын гүрес алып барды.
Ойын даўамында айырым роботлар қарсыласларын жықты, басқалары болса аяғында турыўға қыйналды. Көплеген “ойыншылар” теңсалмақлылықты сақлай алмай, ақырында зәмбер жәрдеминде майданнан алып шығылды. Ҳәрекетлер әстен болған болса да, жарыс робототехника ҳәм жасалма интеллект тараўында сезилерли раўажланыўды көрсетти.
Жарыста қатнасқан роботлар толық автоматластырылған болып, ойын даўамында ҳеш қандай инсан араласыўысыз – тек ғана өз алгоритмлери тийкарында ҳәрекет етти. Қәнигелердиң пикиринше, бундай илажлар Қытайдың жасалма интеллектке тийкарланған робототехника тараўында жетекшиликке умтылып атырғанын көрсетеди. Бул бағдарда мәмлекет тәрепинен берилип атырған күшли қоллап-қуўатлаў шешиўши әҳмийетке ийе.
Болжаўларға бола, 2028-жылға келип Қытайдың робототехника базары көлеми 108 миллиард долларға жетеди. 2050-жылға барып болса мәмлекетте 302,3 миллион гуманоид робот жумыс алып барыўы мүмкин.
Бул турнир 2025-жылы өткерилиўи режелестирилген Жәҳән гуманоид роботлар ойынларына таярлық басқышы сыпатында өткерилди. Жақын келешекте болса инсанлар ҳәм роботлар арасында футбол ойынларының шөлкемлестирилиўи де күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги