Илимпазлар социаллық тармақлар руўхый кеселликлерге шатылған жас өспиримлерге қандай тәсир ететуғынын анықлады

260

Кембридж университети илимпазлары руўхый кеселликлери болған жаслар социаллық тармақларда көбирек ўақыт өткеретуғынын ҳәм бундай машқалаларға дус келмейтуғынларға салыстырғанда ҳәр қыйлы сезимлерге ийе болатуғынын анықлады. Бул, әсиресе, депрессия сыяқлы “ишки” кеселликлерге шатылған жас өспиримлерге тийисли. Бул өспиримлер өзлерин басқалар менен салыстырыў, унатыўлар ҳәм пикирлер себепли кейпият өзгериўи ҳәм Интернетте өткерген ўақтын өзин-өзи қадағалай алмаўынан шағым етиў итималы көбирек. Жумыс Nature Human Behaviour (NHB) журналында басып шығарылды.

Изертлеў 11 жастан 19 жасқа шекемги 3340 жас өспиримниӊ қатнасыўында өткерилген сораўнама мағлыўматларына тийкарланады. Ол биринши болып социаллық медиа ис-ҳәрекетлерин үйрениў ушын руўхый саламатлықты клиникалық баҳалаўдан пайдаланган. Мәлим болыўынша, руўхый кемшилиги бар жас өспиримлер социаллық тармақларда саламат жасларға қарағанда күнине орташа 50 минут көбирек ўақыт өткереди.

Социаллық тармақлар, әсиресе, ишки кеселликлери бар жас өспиримлерге күшли тәсир етеди. Олар басқалардан көбирек өзлерин басқалар менен салыстырыўы ҳәм Интернеттеги “дослары” санынан наразы болыўы ҳаққында шағым етеди. Илимпазлардың атап өтиўинше, бундай социаллық салыстырыўлар, әсиресе, руўхый саламатлық пенен байланыслы машқалалардан қыйналып атырғанлар ушын исенимсизлик ҳәм бийкарлаў сезимлерин күшейтиўи мүмкин.

“Бул изертлеў себеп ҳәм тәсирди анықламайды, бирақ руўхый саламатлық жағдайы болған жас өспиримлер социаллық тармақлардан басқаша пайдаланатуғынын көрсетеди,” деди изертлеўдиӊ жетекши авторы Луиза Фасси.

Илимпазлардың пикиринше, руўхый кеселликлер өспиримлердиң Интернеттеги минез-қулықларын өзгертиўи мүмкин ҳәм итимал социаллық тармақлардың өзи олардың жаманласыўына жәрдем береди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги