Интеллектуаллық мүлк ийелери және де қоллап-қуўатланады

336

Интеллектуаллық мүлк мәмлекеттиң раўажланыўын тәмийинлейтуғын әҳмийетли факторлардан.

Соның ушын елимизде интеллектуаллық мүлкти қорғаў системасын әпиўайыластырыў, соның ишинде, талапнама бериўшилерди интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў процесинде пайда болатуғын артықша бюрократиялық тосқынлықлардан аўлақ етиў мақсетинде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы жумыслардың нәтийжеси сыпатында, 2024-жылы ойлап табыўлар саны 2020-жылға қарағанда 10 процентке, пайдалы модель 160 процентке артқан. Дизимнен өткен интеллектуаллық мүлк объектлери 2024-жыл жағдайына 21 мың 985ти қурап, 46 процентке көбейген.

Бул санлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бүгинги мәжилисинде әдиллик министриниң орынбасары Музраф Икромов тәрепинен айтып өтилди. Мәжилисте интеллектуаллық мүлк объектлерин дизимнен өткериў тәртиплерин әпиўайыластырыўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Министрдиң орынбасары атап өткениндей, бул жойбар интеллектуаллық мүлк объектлерин жаратыў көлемин арттырыў ҳәм авторларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Нызам жойбары менен санаат мүлки объектлерин дизимнен өткериў процесслеринде талап етилетуғын мәмлекетлик бажы төленгенин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди бериўди бийкарлаў белгиленбекте.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, электрон есаплаў машиналары ушын бағдарламаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын рәсмий дизимнен өткериў ушын әмелге асырылатуғын тексериў мүддети анық белгиленбеген. Нызам жойбарында болса электрон есаплаў машиналары ушын бағдарламаларды ҳәм мағлыўматлар базаларын рәсмий дизимнен өткериў ушын берилген талапнама ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлердиң белгиленген талапларға муўапықлығын тексериў мүддетин 10 күн етип белгилеў нәзерде тутылмақта.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи нызамшылықтағы интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртип-қағыйдаларының әпиўайыластырылыўына, артықша талаплардың сапластырылыўына ҳәм интеллектуаллық мүлк ийелерин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА