Халықларымыз арасындағы дослық ҳәм аўызбиршилик – тынышлық ҳәм раўажланыў тийкары

Мүнәсибет
Орайлық Азия мәмлекетлери менен дослық, жақын қоңсышылық ҳәм өз-ара мәплерге тийкарланған байланысларды раўажландырыў және беккемлеў – мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатының баслы бағдарларының бири есапланады.
Усы көзқарастан алып қарағанда быйылғы жылдың 31-март күни Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан мәмлекет басшыларының биргеликтеги ушырасыўы бул бағдардағы жумыслардың жаңаша тарийхый бетин ашып берди, десек қәтелеспеген боламыз.
Мәмлекетлер басшыларының Хоженд қаласында – Өзбекстан, Тәжикстан ҳәм Қырғызстан Республикаларының мәмлекетлик шегаралары тутасқан орында ушырасыў өткериўи ҳәм «Мәңгилик дослық ҳаққындағы» Хоженд декларациясының қабыл етилиўи бүгингидей глобалласыў шараятында дүньяда халықлардың, мәмлекетлердиң тынышлығы, парахат турмысы ушын оғада үлкен қәўип-қәтерлер жүзеге келип атырған бир ўақытта әмелге асырылыўы – бул үлкен сиясий ерк-ықрар, халықларымыздың айдын келешеги ушын тасланған тарийхый қәдем болды.
Бул ўақыя тек ғана Орайлық Азия регионында емес, соның менен бирге, пүткил дүнья жәмийетшилигиниң дыққат орайында болды ҳәм жетекши мәмлекетлер, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер тәрепинен жоқары көтериңкилик руўхында қоллап-қуўатланды.
Ғәрезсизликке ерискен өткен 30 жылдан аслам дәўир ишинде шегара мәселеси региондағы мәмлекетлердиң баслы машқалаларының бири болғанлығын жасырып отырыў шәрт емес. Бул өз гезегинде ҳәр қыйлы түсиниспеўшиликлер, айырым жағдайларда қураллы соқлығысыўларға да алып келгенлигин еле жақын тарийх гүўалары умытқаны жоқ.
Бул машқалаларға шешим табыў ҳәм өз-ара исеним тийкарында дослық байланысларын беккемлеў мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Президенти болып сайланған дәслепки күнлеринен баслап тийкарғы дыққат орайындағы мәселелердиң бири болды. Дәслеп Тәжикстан, соңынан Қазақстан ҳәм Қырғызстан менен мәмлекетлик шегаралар мәселеси дипломатиялық жол менен шешилген болса, Президентимиздиң басламасы менен Қырғызстан ҳәм Тәжикстан арасындағы усындай машқалалардың унамлы шешим тапқанлығы регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеўде Өзбекстанның шешиўши рольге ийе екенлигин әмелде көрсетти.
Мине, бүгинги күнде мәмлекетлик шегаралар дослық сызықлары, жаңа имканиятлар, дөретиўшилик ҳәм бирге ислесиў орталығына айланбақта.
Әлбетте, бул тарийхый ўақыя 130 дан аслам халықлар ҳәм миллетлер тыныш-татыў, дослық қатнасықлары ҳәм аўызбиршиликте өмир сүрип атырған республикамызда, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында да жоқары көтериңкилик пенен күтип алынды.
«Дослық» каналы бойында дослық ҳәм татыўлық концерти және халық сейили шөлкемлестирилди.
Бүгинги күнде елимизде Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршиликти тәмийинлеў, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын және де күшейтиўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанын атап өтиў орынлы.
Әсиресе, мәдений ҳәм руўхый қәдириятлары, дәстүр ҳәм үрп-әдетлери бир-бирине жақын болған қоңсылас мәмлекетлер менен дослық байланыслары барған сайын беккемленип бармақта.
Соны айрықша атап өтиўимиз керек, бүгинги күнде 2 миллионнан аслам көп миллетли Қарақалпақстан халқы арасында бир ярым мыңнан аслам қырғыз ҳәм төрт жүзге шамалас тәжик миллетине тийисли пуқараларымыз бир шаңарақ перзентлери болып тыныш-татыў өмир сүрмекте.
Аўылы аралас, қойы қоралас болып, бир неше жыллардан берли қыз алысып, қуда-қудағай, ағайин-туўысқан болып қатнасып атырған көп миллетли елимиз дослықты, тынышлықты қәдирлейди. Олар бир-бириниң қәдириятлары, тили, үрп-әдетлери ҳәм дәстүрлерин ҳүрмет етип, мәңгилик дослықта жасап келмекте.
Республикамызда жумыс алып барып атырған қазақ, түркмен, рус, украин ҳәм корейс миллий мәдений орайлары пикиримиздиң айқын дәлили бола алады.
Ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған миллетлер аралық татыўлық, кеңпейиллик, өз-ара дослық сыяқлы уллы қәдириятларды жасларымыздың санасына сиңдириў, олардың арасында өз-ара ҳүрмет, мийрим-шәпәәт руўхын қәлиплестириў мақсетинде ҳәр қыйлы үгит-нәсият жумысларын алып барамыз.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты мәмлекет ишиндеги жәмийет есапланып, көп миллетли татыў шаңараққа мегзейди. Институтымызда 17 мыңға шамалас студент-жаслар билим алмақта. Билимлендириў 5 тилде алып барылатуғын оқыў дәргайымызда қарақалпақ, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс, қырғыз, тәжик, әзербайжан, башқурт, уйғыр ҳәм татар сыяқлы улыўма 11 миллетке тийисли студентлер бир шаңарақтың перзентлериндей, аўызбиршиликте оқып атыр.
Институтта ҳәр айдың он бесинши сәнеси «Миллетлер аралық татыўлық күни», ҳәр ҳәптениң жума күни «Миллий кийимлер күни» деп жәрияланған болып, «Пединститут – көп миллетли татыў шаңарақ» принципи тийкарында өз-ара дослық ҳәм ҳүрмет қатнасықлары жолға қойылған.
Наўрыз улыўма халықлық байрамы, Масленица, Амал мерекеси – көрисиў күни ҳәм усы сыяқлы миллий және улыўма инсаныйлық қәдириятлар, байрам кешелери турақлы түрде үлкен шөлкемлескенлик пенен өткериледи.
Әлбетте, булардың барлығы елимизде миллетлер ҳәм халықлар арасында тынышлық ҳәм татыўлық, дослық қатнасықларын беккемлеўге хызмет етиўи менен биргеликте, мәмлекетимиздиң нурлы келешеги – Жаңа Өзбекстан ҳәм Жаңа Қарақалпақстанды биргеликте қурып, Үшинши Ренессанстың тырнағын қалайтуғын ҳәр тәреплеме жетик келешек әўладларды тәрбиялаўға тийкар жаратады, деп исеним билдиремиз.
Қувондиқ Қодиров,
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик
педагогикалық институты ректоры
Қарақалпақстан хабар агентлиги