«Ректор кубоги» ушын жарысқа старт берилди

Усы жыл 2-апрель күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты спорт клубы тәрепинен футбол бойынша «Ректор кубоги» спорт жарысына старт берилди,-деп хабар бермекте институттың баспасөз хызмети.
Мақсет – студент-жаслар арасында спортты кеңнен ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, шебер спортшы жасларды анықлаў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў болып есапланады.
Илажда институт ректоры Қ.Қодиров шығып сөйлеп, халқымыз, әсиресе, жасларымыз арасында спорттың ғалабалығына ерисиў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, физикалық жақтан жетик, саламат әўладты тәрбиялаў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Усы мақсетте институтта жақында ғана пайдаланыўға тапсырылған спорт комплекси ҳәм үлкен спорт майданы жаслар ушын жақсы имканиятлар есигин ашпақта.
Илажда ректор жасларды турақлы түрде спорт пенен шуғылланып, жоқары нәтийжелерге ерисиўге шақырды ҳәм оларды бәрқулла қоллап-қуўатлайтуғынлығын атап өтти.
Солай етип, институттың барлық факультетлериниң командалары қатнасыўында футбол бойынша «Ректор кубоги» спорт жарысына старт берилди.

Институтта жаслар арасындағы спорт жарыслары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги