«Жер жутып жиберген» адам табылды

Қубла Корея пайтахты Сеулде терең шуқырға түсип кеткен ер адамның денеси алып шығылды, деп хабар бермекте «ВВС» басылымы.
30 жаста екени айтылып атырған марҳум мотоцикл айдап баратырғанында жол тосаттан ойылып кеткен. Қутқарыўшылар оның денесин ўақыя орнынан 50 метр тереңликтен тапқан.
Социаллық тармақларда тарқалған видеокөринислерди автомобиль айдаўшысы да жарақатланғанын көриў мүмкин.

Рәсмийлер елеге шекем жердиң шөгиў себеплерин анықламады.
Жақында Сеул қаласы ҳүкиметине берилген есабатта соңғы он жыл ишинде қалада 223 шөкпе жүз бергени көрсетилген.
Мағлыўмат орнында: январь айында жүк машинасы айдаўшысы Японияның Яшио қаласындағы шуқырға қулап, бийдәрек жойтылған еди.

Өткен жылдың август айында Куала-Лумпур орайындағы жолда пайда болған тик жарда жоқ болған ҳаялды излеў бир ҳәптеден соң тоқтатылған еди.
Шуқырдың ең кең тарқалған себеплеринен бири ҳәк тас ямаса пор сыяқлы элементлердиң бөлеклениўи болып есапланады. Айырым жағдайларда бул жағдай әсте-әсте жүз бериўи мүмкин, бирақ процесс ўақыт өтиўи менен үлкейеди.
Мусулмон Зиё, ӨзА