Жас режиссёрымыздың Қазақстандағы табысы

424

Қазақстан Республикасының Шымкент қаласында ҳәўескер кинорежиссёрлар арасында «Киноарт-2025» халықаралық фестивалы болып өтти.

Қазақстаннан тысқары, Өзбекстан ҳәм Қырғыз Республикаларынан талантлы кинорежисёрлар тәрепинен түсирилген жаңа кино фильмлер қатнасқан фестивальда Қарақалпақстан Республикасы телерадиоканалы мәмлекетлик мәкемесиниӊ телережиссёры Қоблан Әбдиқалиев та сценарий авторы Айбек Төреев болған «Галстук» атлы қысқа метражлы фильми менен қатнасып, сыйлы ІІІ-орынды ийелеўге миясар болды.

Бул жас режиссёрдиң екинши фильми болып, буннан алдын өзиниң «Туфли» атлы қысқа метражлы фильми менен усы фестивальға қатнасқан еди. Әлбетте, өткен жылы Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалын оқып тамамлаған Қоблан Әбдиқалиев ушын бул үлкен жетискенлик десек болады.

– 17 минутлық фильмимизде тийкарынан бүгинги күндеги елимиздеги жас шаңарақлардың турмысы сәўлеленген,-дейди таңлаў жеңимпазы Қоблан Әбдиқалиев.-Бул фильмде жас актёрларымыздан Руслан Қайыпназаров, Азиза Базарбаева, Ринат Жуманов ҳәм Владимир Парахатовлар сүўретке түсти ҳәм өзлерине тапсырылған роллерди шеберлик пенен атқарып шықты. Пурсаттан пайдаланып, мениң усындай жетискенликке ерисиўиме себепши болған устазымыз Айбек Төреев ҳәм актёр жигит-қызларымызға өзимниң айрықша рахметимди айтаман. Алдағы ўақытлары да, усы пәтти жаздырмастан халқымыз ушын жаңа фильмлер дөретип, елимиздиң атын пүткил дүньяға танытыў ушын өзимниң бар билимим ҳәм күш-жигеримди жумсай беремен.


Өз гезегинде  жас режиссёрымызды қолға киргизген табысы менен қутлықлап, оның алдағы дөретиўшилик ислерине бәлент пәрўазалар тилеймиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы