Хызметлер тараўының раўажланыўы ушын шараятлар жаратылады

«Хызметлер тараўы турақлы раўажланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2025-жылы хызметлер тараўын раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
– хызметлер көлемин 15 процентке арттырыў;
-тараўда 3 миллион адамды дәраматлы мийнет пенен тәмийинлеў;
-52,2 мың хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў.
Президенттиң 2022-жыл 27-январьдағы ПҚ-104-санлы қарарында нәзерде тутылған хызметлер көрсетиўши исбилерменлерге 1 процентлик социаллық салық ставкасының әмел етиў мүддети 2028-жыл 1-январьға шекем созылды.
2025-жылы төмендеги муғдарда кредит қаржылары қаратылады:
– хызметлер тараўын раўажландырыў ушын 67,4 триллион сум;
– хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў ушын девелоперлер арқалы исбилерменлик субъектлерине турақлы емес жайларды лизингке бериўге 4,5 триллион сум.
Аймақларда 2025-жылы төмендеги 652 драйвер жойбарларды инфраструктура менен тәмийинлеў ушын 1 триллион сум қаратылады:
– 72 жағалық бойы дем алыў орайлары;
– 62 заманагөй түрдеги дем алыў бағлары;
-154 күни-түни жумыс ислейтуғын туризм ҳәм гастрономиялық бағдарларға қәнигелескен саўда ҳәм кеўилашар көшелер;
-364 жол бойы ҳәм басқа сервис объектлери.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-июльден баслап төмендеги мәмлекетлик хызметлер ҳәм функциялары жеке меншик секторға өткериледи.


Қарарға муўапық, жеңил автотранспорт қуралларында жолаўшыларды қала, қала әтирапы ҳәм қалалараралық тасыў жумысы өзин-өзи бәнт еткен шахслардың шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлери дизимине киргизилгени ҳәм олар усы жумыс пенен лицензия ҳүжжет қағазы тийкарында шуғылланыўы белгиленеди.
2025-жыл 1-апрельден салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен оларға бириктирилген кәрханаларда ямаса мәҳәллелердеги исбилерменлик субъектлеринде белгиленген салыққа байланыслы ҳуқықбузарлықлар анықланғанда төмендеги тәртип енгизиледи:
– биринши мәрте ескертиў;
– ескертиўден соң 3 күн мүддетте салыққа байланыслы ҳуқықбузарлық сапластырылмағаны ямаса қайта анықланғаны көшпели салық тексериўин өткериўге тийкар болатуғыны;
– көшпели салық тексериўди 24 саат ишинде «Бирден-бир мәмлекетлик қадағалаў» мәлимлеме системасында дизимге алыў арқалы Бизнес – омбудсманды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырыўға руқсат етиў;
– көшпели салық тексериўиниң нәтийжелери бойынша рәсмийлестирилген акт көшпели салық тексериўи бойынша қарар қабыл етиў ушын тийкар болып есапланатуғыны.
ӨзА