Жеке мүлклик емес ҳуқықларды бузғаны ушын жуўапкершилик күшейтиледи – жойбар

154

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитети тәрепинен интеллектуаллық мүлктиң қорғалыўын күшейтиўге қаратылған нызам жойбары дәслепки түрде көрип  шығылды.

Ол арқалы Жынаят, Жынаят-процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы  ҳәм Пуқаралық кодекслерине авторлық ҳуқықы ҳәм түрлес ҳуқықларды, сондай-ақ, санаат мүлки объектлерине болған ҳуқықларды бузғаны ушын  жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын тийисли өзгерислер менен қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

Атап айтқанда, интеллектуаллық мүлк объектлерине байланыслы жеке мүлклик  емес ҳуқықларды бузғаны ушын әмелдеги нызамшылықта нәзерде тутылған жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте. Бундай объектлерге байланыслы мүлклик емес ҳуқықларды бузғаны ушын жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Нызам жойбары сиясий партиялардың фракция мәжилислеринде додалаўға киргизиў ушын таярланбақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги