Малайзияның Ҳадаллық институты менен сөйлесиўлер өткерилди

Өзбекстан делегациясының Малайзияға әмелге асырып атырған хызмет сапары шеңберинде Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги директоры Акмал Бурхоновтың Малайзия Ҳадаллық институты Бас атқарыўшы директоры Раҳман Бин Мохд Дин менен еки тәреплеме ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыў күн тәртибине мәмлекетлик хызметте ҳадаллық стандартларының енгизилиўи ҳәм Малайзия тәжирийбесин Өзбекстанда қолланыў мәселелери киргизилди.
Малайзияда енгизилген «Мәмлекетлик хызметкердиң ҳадаллық профили», «Ҳадаллықты баҳалаў тести» ҳәм «Корпоратив ҳадаллық системасы басқарыўы» жойбарлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Мағлыўмат ушын: «Мәмлекетлик хызметкердиң ҳадаллық профили». Жасалма интеллект жәрдеминде қолланылатуғын әмелият болып, ол барлық мәмлекетлик хызметкерлер ушын енгизилген.
Өз орнында, Агентлик директоры усы бағдарда мәмлекетлик уйымларда коррупциялық қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм уйымлардың хызметин рейтинг баҳалаў системасы бар екенлигин атап өтти.
Ушырасыў шеңберинде тәреплер Малайзияның ҳадаллықты баҳалаў бойынша алдыңғы тәжирийбесин Өзбекстанда енгизиў мәселесинде тығыз бирге ислесиўге келисип алды. Сондай-ақ, еки уйым арасында бирге ислесиўге байланыслы ҳүжжет ислеп шығылатуғыны ҳәм қол қойылатуғыны белгиленди.
-Бүгин биз Өзбекстан делегациясы, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги басшысы ҳәм ўәкиллери менен бирге ислесиў мәселелерине бағышланған сөйлесиўлер өткердик,-деди Малайзия Ҳадаллық институтының Атқарыўшы директоры Раҳман Бин Мохд Дин. – Онда ҳадаллық институты тәрепинен елимизде қолланылған ҳадаллық қураллары, соның ишинде, ҳадаллықты баҳалаў қуралларын Өзбекстанда да енгизиў бойынша бирге ислесиўди жолға қоямыз. Өткерилген ушырасыўымыз келешекте еки уйым арасында бирге ислесиў келисимлерине қол қойылыўына ҳәм тығыз бирге ислесиў байланысларының орнатылыўына тийкар жаратады.
ӨзА