Әмиўдәрья районын комплексли раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди

192

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығында Әмиўдәрья районын комплексли раўажландырыў бағдарындағы режелерге арналған мәжилис болып өтти.

Онда районды социаллық-экономикалық раўажландырыў, мәҳәллелердеги инфраструктуралық, социаллық ҳәм басқа да машқалаларға шешим табыў, исбилерменликти раўажландырыў, районды «Кәмбағаллықтан аўлақ аймақ»қа айландырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер сөз етилди.

Мәжилисте районда өткен жыллар даўамында әмелге асырылған қурылыс, абаданластырыў жумыслары, аймаққа инвестицияларды тартыў, санаат, экспортты буннан былай да раўажландырыў бағдарында әмелге асырылған жумыслар додаланды.

Сондай-ақ, көп жыллар даўамында халықты қыйнап келген машқалалы мәселелерди унамлы шешиў, аўыр шараяттағы мәҳәллелерди абат етиў бағдарында әмелге асырылыўы керек болған тийкарғы ўазыйпалар белгиленди. Буның ушын барлық мүмкиншиликлер бар екенлиги, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен тийисли қаржылар да ажыратылғаны, ең баслысы, бул жумысларды аўызбиршиликли ҳәм шөлкемлескенлик пенен алып барыў арқалы пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеўге ерисилетуғынлығы Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги