Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги менен кең көлемли шерикликти раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-январь күни Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) президенти Акихико Танака басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Бул жетекши сырт ел қаржы институты менен әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм биргеликтеги басламаларды алға қойыў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз жетекшиси JICA басшысының усы реттеги сапары экономикалық ҳәм қаржы-техникалық тараўлардағы бирге ислесиўдиң жаңа басқышын баслап беретуғынын миннетдаршылық пенен атап өтти. Агентликтиң Жаңа Өзбекстанды қурыў бағдарындағы реформаларды қоллап-қуўатлаўда стратегиялық бирге ислесиў сыпатындағы орны атап атап өтилди.

Өзбекстан –Япония инсан ресурсларын раўажландырыў орайы ҳәм Жаслар инновация орайы нәтийжели жумыс алып бармақта.
Агентлик арқалы 2,5 мыңнан аслам өзбекстанлы қәниге Японияда оқыды ҳәм әмелият өтеди. Усы мәмлекеттен келген кеўиллилер Өзбекстанда әҳмийетли социаллық ҳәм гуманитарлық жойбарларды әмелге асырыўға үлес қоспақта.
Буннан тысқары, күни кеше Ташкент қаласында Республикалық қәнигелестирилген неврология ҳәм инсульт илимий-әмелий медицина орайын қурыў ҳәм үскенелеў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Өзбекстан Президенти JICAның мәмлекетимиздеги жумысын кеңейтиў бағдарындағы режелерди қоллап-қуўатлады.
Жеке меншик сектор жойбарларын әмелге асырыў, япониялы инвесторлар ушын арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестириў, Япония университетин ашыў, сондай-ақ, профессионал билимлендириў тараўында бирге ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
“Жол картасы” тийкарында енгизиў ҳәм перспективалы жойбарларды алға қойыўдың жаңа механизмлерин қолланыўға келисип алынды.

ӨзА