Республикамызда жүз берген жаўын-шашынның ақыбетинде автомобиль жолларына зыян келтирилди. Буның ақыбетинде жоллардың айырым бөлеклери жемирилип,  қапламаларына зыян жеткенлиги себепли сол жерлерден өтиўши автотранспортлар ушын қәўипли жағдайларды келтирип шығарыў итималлығы артқан еди.

Тийисли орынлар тәрепинен республикамыздағы автомобиль жолларындағы бул жағдайлар тезлик пенен үйренилип ҳәм анықланған жол бөлеклерине оңлаў ислери баслап жиберилген.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў орынлы, жүз берген тәбийғый апатшылық нәтийжесинде 1 772,7 млн сумлық жол ҳәм ондағы материалларға зыян жеткерилген.

Ҳәзирги ўақытта тийисли кәрханалар тәрепинен автомобиль жолларының зыянланған  орынларын сапластырыў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги