Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
АИВ инфекциясы тарқалыўының алдын алыў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдарлары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- 2018-жылы Өзбекистан Республикасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў Мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда Мәмлекетлик бағдарлама деп аталады) қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2018-жыл 1-июльден баслап АИВ инфекциясына диагноз қойыў менен шуғылланатуғын районлараралық диагностика лабораторияларының аймақлық АИЖСқа қарсы гүресиў орайлары қурамына киргизилетуғыны ҳәм орайларға усы лабораторияларды қаржыландырыў, материаллық-техникалық жақтан тәмийинлеў және жумысына шөлкемлестириўшилик-методикалық басшылық етиў жүкленетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети Мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша министрликлер менен ведомстволар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң жумысын ҳәм бирге ислесиўин муўапықластырсын.
- Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:
Мәмлекетлик бағдарламаға киргизилген илажларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды ажыратсын;
келеси жылларда ретровирусқа қарсы препаратлар ҳәм АИВ инфекциясын жуқтырған шахсларды емлеў нәтийжелилиги мониторингин алып барыў ушын зәрүр болған тест-системалар менен тәмийинлеўге Мәмлекетлик бюджеттен қаржылар ажыратыў басқышпа-басқыш арттырып барылыўын нәзерде тутсын.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
Өзбекистан Республикасы Инновациялық раўажландырыў министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Қаржы министрлиги ҳәм Экономика министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте АИВ инфекциясына ҳәм қосымша кеселликлерге диагноз қойыў ҳәм оларды емлеў ушын зәрүр болған диагностикумлар менен тест-системаларын жергиликли шараятта ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша усыныслар киргизсин;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген илажлардың орынланыўы үстинен мониторинг алып барылыўын ҳәм ҳәр шеректе әмелге асырылған илажлар туўралы Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине есаплар усынылыўын тәмийинлесин;
Өзбекистан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Әдиллик ммнистрлиги менен биргеликте Өзбекистан Республикасында АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша илажларды әмелге асырыў ушын халықаралық ҳәм шет елли шөлкемлердиң грант қаржыларын тартыў бойынша зәрүр илажлар көрсин;
Өзбекистан Республикасы Инновациялық раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте АИВ инфекциясының алдын алыў, диагноз қойыў және емлеў тараўларында илимий изертлеўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў бойынша системалы жумысларды алып барсын, илимий инновациялық изертлеўлер нәтийжелериниң денсаўлықты сақлаў әмелиятына енгизилиўин тәмийинлесин;
Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Әдиллик министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызметиниң Мәмлекетлик шегараларды қорғаў комитети, Өзбекистан Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекистан пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси, Дин ислери бойынша комитети ҳәм Өзбекистан жаслар аўқамы менен биргеликте бир ай мүддетте АИВ инфекциясы жуғыў қәўпи жоқары болған топарлардың, атап айтқанда, мийнет мигрантлары ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, сондай-ақ, турмыслық хызмет көрсетиў мәкемелери хызметкерлери арасында АИВ инфекциясының профилактикасы бойынша түсиник-үгит-нәсият жумысларын биргеликте әмелге асырыў шәрт екенин нәзерде тутатуғын тәртипти ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халық арасында АИВ инфекциясының алдын алыў, диагноз қойыў ҳәм емлеў мәселелери бойынша мәлимлеме-ағартыўшылық жумысларды алып барсын.
- Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлиги Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда бир ай мүдддетте АИВ инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша тармақлық режесин тастыйықласын ҳәм оның орынланыўын тәмийинлесин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
емлеў-профилактика мәкемелериниң талапларынан келип шыққан ҳалда стерилизация бөлимлери менен пунктлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оларды заманагөй аппаратлар ҳәм әсбап-үскенелер менен толық тәмийинлеў ушын зәрүр қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын;
емлеў-профилактика мәкемелерин бир мәрте қолланылатуғын медициналық әсбап-үскенелер, тест-системалар, диагностикумлар ҳәм жумсалатуғын материаллар менен тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
Өзбекистан Республикасында 2018-жылы АИВ инфекциясы тарқалыўының алдын алыўға қаратылған Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын талқылаў нәтийжелери бойынша 2019-жылы АИВ инфекциясына қарсы гүресиў тараўындағы комплексли илажларды буннан былай да жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине анық усыныслар киргизсин;
Өзбекистан Республиксы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте усы қарардан келип шыққан ҳалда нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Қосимовқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары Қ.Акмаловқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 25-январь
* * *
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Өзбекистан Республикасында адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын келтирип шығаратуғын кеселликтиң тарқалыўына қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК
Елимизде соңғы жылларда АИВ инфекциясы бойынша эпидемиялық жағдайдың турақласыўына ҳәм АИВ инфекциялы шахсларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң тәмийинлениўине қарамастан АИВ инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша бир қатар әҳмийетли мәселелер өз шешимин күтпекте.
Атап айтқанда, АИЖСқа қарсы гүрес орайларының ҳәм районлараралық АИВ диагностикалық лабораторияларының материаллық-техникалық базасы 2010-жылы жаңаланғанынан соң руўхый ҳәм техникалық жақтан гөнерген жағдайға келген.
АИЖСқа қарсы гүресиў хызмети жағдайды «реал ўақыт» режиминде талқылайтуғын ҳәм өз ўақтында және нәтийжели илажларды белгилеўге имканият жарататуғын бирден-бир мағлыўматлар базасына ийе емес.
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен наўқасты вирусқа қарсы емлеўди, кеселликтиң басқышына қарамастан, кеселлик анықланған күннен баслаў усыныс етилгенине қарамастан ҳәзирги ўақытта тек ғана rud АИВ инфекциялы наўқаслар кеселликтиң раўажланған басқышына келип емленбекте.
Антиретровирус препаратларын сатып алыўға мәмлекетлик бюджеттен қаржы ажыратылмағаны себепли, емлеў жумысларында үзилислер болыўы, ҳәм АИВның антиретровирус препаратларына шыдамлы штаммларының пайда болыў қәўпи бар.
АИВ инфекциясының анадан балаға жуғыўының алдын алыў ушын АИВ инфекциялы аналардан туўылған нәрестелерди 6 айлық боламан дегенше жасалма сүт араласпалары менен тәмийинлеў мәселеси шешилмеген.
Қәўипли топарлардың арасында алып барылып атырған профилактикалық илажлар тек ғана донорлық қаржылары есабынан әмелге асырылмақта.
Көрсетилген машқалалар Өзбекистан Республикасы Президенти тәрепинен 2017-жылдың 18-октябринде өткерилген денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформаларды әмелге асырыўдың жағдайына ҳәм келешектеги ўазыйпаларға бағышланған мәжилисте додаланып, АИВ инфекциясына қарсы гүрес тараўында кең қамтылған илажларға қаратылған Мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў тапсырылған.
Бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын заманагөй ҳәм жаңа сапа дәрежесине алып шығыў мақсетинде қабыл етилген «Өзбекистан Республикасында адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусын келтирип шығаратуғын кеселликтиң тарқалыўына қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары төмендеги бағдардағы комплексли илажларды әмелге асырыўды нәзерде тутқан:
АИВ инфекциясының тарқалыў себеплерин ҳәм шараятларын аймақлар бойынша турақлы түрде талқылаў, миллий дәстүр ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тийкарларды инабатқа алған ҳалда халықтың кең қатламлары арасында усы кеселлик тарқалыўының алдын алыў бойынша комплексли илажларды ислеп шығыў;
аймақлардың өзгешеликлеринен келип шығып, жергиликли қаржы, материаллық ҳәм кадрлар ресурсларының мобилизацияланыўын нәзерде тутатуғын АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша аймақлық илажлар режелерин қабыл етиў;
елимизде АИВ инфекциясының профилактикасы, диагноз қойыў ҳәм оны емлеў тараўларында илимий изертлеўлер менен инновациялық қолланбаларды раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў, олардың нәтийжелерин денсаўлықты сақлаў әмелиятына енгизиўди тәмийинлеў, сондай-ақ, тараў бойынша жетекши шет ел илимий-изертлеў орайлары менен жақыннан бирге ислесиўди жолға қойыў;
АИВ инфекциясы ҳәм сол сыяқлы кеселликлерди анықлаў ушын заманагөй диагностикумлар менен тест-системаларын жергиликли шараятта ислеп шығарыўды жолға қойыў, соның ишинде, инвестицияларды тартыў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик секторының бирге ислесиўин раўажландырыў;
кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў системасын жетилистириў, усы бағдарда жетекши халықаралық билимлендириў ҳәм илимий мәкемелелер менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди күшейтиў, АИВ инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў тараўында биргеликтеги илимий-әмелий илажларды әмелге асырыў;
жоқары сапалы ретровирусқа қарсы дәри қуралларын сатып алыўда Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырыў үлесин басқышпа-басқыш арттырып барыў;
АИВны жуқтырып алғанларды социаллық қорғаў бойынша илажларды күшейтиў, сондай-ақ, АИВ инфекциялы аналардан туўылған балаларды кептирилген сүт араласпалары менен үзликсиз тәмийинлеў системасын жаратыў;
АИЖСқа қарсы гүресиў мәкемелериниң, соның ишинде, районлараралық АИВ диагностика лабораторияларының материаллық-техникалық базасын буннан былай да беккемлеў, оларды заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў;
АИВ инфекциясына қарсы гүресиў бойынша жумысты системалы талқылаў ҳәм илажларды режелестириў ушын медициналық мәкемелердиң жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў.
Усы қарарды қабыл етиў ҳәм әмелге асырыў арқалы күтилип атырған нәтийжелер:
халықты АИВ инфекциясына ҳәм сол сыяқлы кеселликлерге тексериўлер менен қамтып алыўды әмелге асырыў арқалы елимизде АИВ инфекциясы бойынша эпидемиологиялық жағдайдың турақласыўын беккемлеў;
АИВ инфекциясы диагностикасын ҳәм емлеў илажларының нәтийжелилигин арттырыў, АИВ инфекциялы шахсларда кеселликтиң диагнозы тастыйықланып, диспансерлик қадағалаўға алынған ўақыттан баслап арнаўлы емлеў стратегиясын әмелге асырыў мақсетинде АИВ инфекциялы шахсларды ретровирусқа қарсы терапия менен басқышпа-басқыш қамтып алыўды даўам еттириў;
АИВ инфекциясының анадан балаға жуғыўын сапластырыў ҳәм Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкемниниң усы бағдардағы сертификатына ийе болыў;
АИВқа ықтиярлы мәсләҳәт ҳәм медициналық тексериўден өтиўдиң қамтып алыныўын арттырыў және кеселликтиң алдын алыўдың жаңа усылларын енгизиў, соның ишинде, алыс аймақлар менен халық тығыз жайласқан орынларда көшпели лабораториялардан пайдаланыў, АИВ мәселелери бойынша индивидуал ҳәм конфиденциал мәсләҳәтлер бериў ушын «исеним телефонлары»н шөлкемлестириў, ғалаба хабар қуралларында АИВ инфекциясы темасын сәўлелендириўдиң заманагөй көзқарасларынан пайдаланыў, улыўма билим бериў мектеплериниң, колледжлер менен жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларына АИВ инфекциясы мәселелерин киргизиў;
пуқаралық жәмийети шөлкемлериниң, дин ўәкиллериниң жетекшилерин АИВ инфекциясына қарсы гүресиў тараўындағы профилактикалық илажлар, әдеп-икрамлылық өлшемлерин жетилистириў, қәўипли минез-қулық қәлиплесиўиниң алдын алыў, АИВ инфекциясы менен жасайтуғын шахсларға кеңпейиллик қатнасында болыў бағдарындағы мәлимлеме-ағартыўшылық илажларына тартыў;
статистикалық мағлыўматлардың анықлығы ҳәм сапалы таярланыўы және илажларды нәтийжели әмелге асырыў ушын АИЖСқа қарсы гүрес хызметинде мәлимлеме алмасыўының тезлиги менен нәтийжелилигин арттырыў;
АИВ инфекциясы диагностикасында ҳәм наўқасларды емлеўде сапалы, арзан диагностикумлар, тест-системалар менен реагентлер тәмийнатының үзликсизлигин тәмийинлеў;
емлеўге мүтәж АИВ инфекциялы шахсларды антиретровирус терапия менен қамтып алыў ҳәм олардың турмыс сапасын жақсылыў;
мәмлекетлик ҳәм жеке меншик медициналық мәкемелерде жумыс ислеп атырған медицина хызметкерлериниң АИВ инфекциясы мәселелери бойынша маманлығын арттырыў;
халықтың АИВ инфекциясы мәселелери бойынша хабардарлығын арттырыў ҳәм оларда АИВ инфекциялы шахсларға кеңпейиллик қатнасын жетилистириў.
Бул қарардың қабыл етилиўи АИВ инфекциялы шахсларды ерте анықлаў, кеселликтиң басқалаларға жуғыўының алдын алыў бағдарындағы профилактикалық илажларды тез әмелге асырыў ҳәм наўқасларды нәтийжели емлеў ҳәм оларға зәрүр басқа да медициналық хызметлерди көрсетиў бойынша жаңа сапалы басқыш болып хызмет етеди ҳәм елимиздиң халықаралық жәмийетшилик алдында АИВ инфекциясына қарсы гүресиў бойынша алған минетлемелериниң толық орынланыўын тәмийинлейди.