Өзбекистан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
«Улыўма әскерий миннет ҳәм әскерий хызмет ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы Нызамына муўапық:
- 1. Шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳуқықына ийе болмаған Өзбекистан Республикасының шақырыў жасындағы пуқаралары 2018-жылдың февраль-март айларында мүддетли әскерий хызметке шақырылсын.
Мүддетли әскерий хызметти өтеўге жарамлы және шақырылыў мүддетин кешиктириў ҳәм шақырылыўдан азат етиў ҳуқықына ийе болмаған, бирақ усы шақырыў даўамында Қураллы Күшлер қатарына шақырылмайтуғын пуқаралар мобилизациялық шақырыў резервине алынсын.
- 2. Мүддетли әскерий хызметтиң белгиленген мүддетлерин өтеген әскерий хызметкерлер 2018-жылдың февраль-апрель айларында Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери резервине босатылсын.
- 3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 13-январь