Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
Жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын түп-тийкарынан беккемлеў ҳәм орайластырылмаған тийкарда аймақларды комплексли раўажландырыўды турақлы қаржыландырыў, бюджетлераралық қатнасықларды буннан былай да жетилистириў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының қаржы еркинлигин күшейтиў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға көмеклесиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў және халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, инженерлик-коммуникация, жол-транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны жедел раўажландырыўдың есабынан салық потенциалын кеңейтиў бойынша анық мақсетке бағдарланған илажларды әмелге асырыўда олардың жуўапкершилигин арттырыўды тәмийинлеў мақсетинде:
- Төмендегилер жергиликли бюджетлер дәрежесинде салық-бюджет сиясатынын әҳмийетли ўазыйпалары етип белгиленсин:
биринши, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң анық түрлерин оларға бириктирип қойыў арқалы жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын түп-тийкарынан беккемлеў;
екинши, ўәлаятлар, қала ҳәм район бюджетлерин субвенциядан шығарыў, олардың жоқары туратуғын бюджетлер ажыратпаларына болған бойсыныўын басқышпа-басқыш қысқартыў, сол тийкарда аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерин шешиўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының еркинлигин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў;
үшинши, жергиликли бюджетлердиң дәраматларын арттырыў ушын системалы тийкарда қосымша резервлерди анықлап барыў;
төртинши, депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды кеңнен тартқан ҳалда, жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўдиң ашық-айдынлығын және оның орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлеў;
бесинши, жергиликли бюджетлердиң дәраматлар базасын беккемлеў және қәрежетлердиң тастыйықланған параметрлерин өз ўақтында, мақсетли қаржыландырыў, социаллық сала объектлерин ҳәм инфраструктураны буннан былай да раўажландырыў ҳәм тийисли дәрежеде сақлап турыўды тәмийинлеў үстинен жергиликли мәмлекетлик уйымлар, қаржы ҳәм салық уйымларының жуўапкершилигин күўшейтиў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм республика районларындағы (қалаларындағы) халық депутатлары Кеңеслериниң сесияларында:
а) төмендегилер жыл шереклери кесиминде ҳәр тәреплеме көрип шығылады ҳәм тастыйықланады:
дәраматлар дәреклери ҳәм қәрежетлер түрлери кесиминде, Қарақалпақстан Рсепубликасы бюджети, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм республика районларының (қалаларының) жергиликли бюджетлери параметрлери;
жергиликли бюджетлердиң дәраматларын арттырыў резервлерин анықлаў бойынша есап-санақ көрсеткишлери;
аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары, бюджеттиң дәраматлар базасын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын қурыў бойынша илажлар;
қосымша дәреклер, соның ишинде, жергиликли бюджетлердиң дәраматларын арттырыў резервлерин анықлаўдың есабынан қаржыландырылатуғын қәрежетлер аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары менен байланыстырған ҳалда;
б) Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятларда ҳәм Ташкент қаласында, сондай-ақ, республиканың тийисли районларында (қалаларында) депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў ушын жоқары туратуғын бюджетлер ҳәм мәмлекеттиң мақсетли қорларының қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған илажлар менен жойбарлар мақулланады;
в) ҳәр шеректе:
ҳәкимниң экономика ҳәм исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасарының аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў, бюджеттиң дәраматлар базасын арттырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша;
ҳәкимниң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары ҳәм туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының инвестициялар тартыў ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша;
қаржы басқармалары (бөлимлери) басшыларының Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, районлардың (қалалардың) бюджетлериниң орынланыўы ҳаққында, сондай-ақ, аймақлардың потенциалынан келип шыққан ҳалда жергиликли бюджетлер дәраматларының қосымша қаржыларын қәлиплестириў және қосымша дәреклерден пайдаланыў бағдарлары, соның ишинде, жергиликли бюджетлер дәраматларын арттырыўдың анықланған резервлери ҳаққында;
мәмлекетлик салық басқармасы (инспекциясы) басшысының Қарақалпақстан Республикасы бюджети ҳәм жергиликли бюджетлер дәраматларының орынланыў жағдайы, олар тәрепинен қосымша резервлерди анықлаў бойынша исленген жумыслар, сондай-ақ, салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер кесиминде бюджетке есапланған ҳәм әмелде төленгени, олар бойынша салық қарыздарлығы ҳаққындағы есаплары тыңланады.
- 2018-жылдың 1-январынан баслап қаржы уйымлары ҳәм мәмлекетлик салық хызмети уйымлары басшыларына жуўапкершилик ҳәм хошаметлеў илажлары көрилсин, ол төмендегилерди нәзерде тутады:
а) салық ҳәм қаржы уйымлары басшыларын олардың лаўазым мийнет ҳақыларынан 50 процентке шекем болған муғдарда сыйлықлаў, соның ишинде:
жергиликли бюджет дәраматларының тастыйықланған болжаўының орынланғаны ушын 10 процент муғдарында;
бюджетке төлемлер бойынша салық қарыздарлығы қысқартылғаны ушын 20 процент муғдарында;
жергиликли бюджет дәраматларын арттырыў резервлерин анықлаў бойынша есап-санақ көрсеткишлерин орынлағаны ушын 20 процент муғдарында;
б) жоқарыда көрсетилген өлшемлердиң орынланыўы тәмийинленбегени ушын олардың лаўазымлық мийнет ҳақысынан 30 процент муғдарында жәрийма санкцияларын қолланыў, соның ишинде:
жергиликли бюджет болжаўы орынланбағаны ушын 10 процент муғдарында;
жергиликли бюджетке төлемлер бойынша салық қарыздарлығы арттырылғаны ушын 10 процент муғдарында;
жергиликди бюджет дәраматларын арттырыў резервлерин анықлаў бойынш есап-санақ көрсеткишлери орынланбағаны ушын 10 процент муғдарында.
Қаржы ҳәм салық уйымлары басшыларын сыйлықлаў және жуўапкершилик илажларын қолланыў қаржы министри ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети баслығы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, районлар (қалалар) ҳәкимлериниң усынысларына бола әмелге асырылады.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети 2018-жылдың 1-январына шекем қаржы ҳәм салық уйымлары басшылары, лаўазымлы шахслары бюджетке төлемлер келип түсиўиниң көрсеткиш болжаўлары орынланғаны және қосымша дәраматлар анықланғаны ҳәм өндирип алғаны ушын хошаметлеў және материаллық жуўапкершилик ҳаққындағы Режени ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасының ҳәм Өзбекистан Республикасы Қаржы министрилигиниң Мәмлекетлик қаржылық қадағалаў бас басқармасы Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте:
жергиликли бюджет параметрлерин орынлаў, жергиликли бюджет дәраматларын арттырыў резервлерин моблизациялаў, тастыйықланған инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў, сондай-ақ, мәлимлмелерди рәсмий веб-сайтларда ҳәм жергиликли ғалаба хабар қуралларында басып шығарыў;
салық ҳәм қаржы уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў бойынша усы Пәрманда орнатылған талапларға қатаң әмел етиў үстинен системалы тийкарда қадағалаўды әмелге асырсын.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлар (қалалар) ҳәкимликлери ҳәр шеректе тийисли уйымлар басшыларының есапларын ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў ҳәм мағлыўматларды рәсмий веб-сайтларға орналастырыў, соның ишинде, бул илажларды жергиликли телевидение арқалы бериўди тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-августтағы «Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5147-санлы Пәрманы ҳәм оның 4-қосымшасы өз күшин жойытқан, деп есаплансын.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Ж.А.Қўчқаровқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Есап-санақ палатасының баслығы М.М.Икрамовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2017-жыл 13-декабрь