Өзбекистан Републикасы Президентиниң

 қ а р а р ы

Елимизде экологиялық жағдайды жақсылаўға, соның ишинде, суў объектлерин қорғаўға, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға, сондай-ақ, суў тасыўы ҳәм сел  ҳәдийселеринде айрықша жағдайлардың алдын алыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге, нызамшылықтағы бослықлар дәрьялардың өзенлерин ҳәм суўды қорғаў зоналарын, көллерди, суў сақлағышларды, каналларды, коллекторлар менен басқа да суў объектлерин тазалаў, сондай-ақ, олардың жағаларын беккемлеў (кейинги орынларда дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў деп аталады) жумысларын әмелге асырыўда қум-шағыл тас материалларын руқсатсыз қазып алыў ушын шараятлар жаратпақта.

Өз гезегинде, қум-шағыл тас материалларының руқсатсыз қазып алыныўы көпшилик жағдайларда жер үсти ҳәм жер асты суўларының азайып кетиўине, суўды қорғаў зоналарының батпақласыўына ҳәм патасланыўына, олардың жағаларына, суўғарыў системаларына, транспорт ҳәм гидротехника инфраструктура объектлериниң бузылыўына, сондай-ақ, айрықша жағдайлардың алдын алыў бойынша илажлар нәтийжелилигиниң төменлеўине алып келмекте.

Тек ғана 2017-жылы дәрьялар өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларын нызамсыз әмелге асырыў бойынша 228 жағдай, соның ишинде, мәмлекетлик экологиялық экспертизасының шешими ямаса руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын беретуғын лицензиясы болмаған 176 субъект тәрепинен нызамсыз әмелге асырыў жағдайлары анықланған.

Дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларының нызамсыз әмелге асырылыўына жол қоймаў, қоршаған орталыққа унамсыз тәсириниң алдын алыў, сондай-ақ, транспорт ҳәм гидротехника инфраструктура объектлериниң қәўипсиз ислеўин тәмийинлеў, экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумыслары Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң сел алыў,  суў тасыў ҳәм жер көшиў қәўпи болған районларда жағаны беккемлеў, қорғаў ҳәм тиклеў жумыслары бойынша қәнигелестирилген инженерлик-техникалық отрядлары (кейинги орынларда АЖМ қәнигелестирилген отрядлары деп аталады) және Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 19-февральдағы ПҚ-585-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Суў тасқынларын ҳәм сел ағымларын қәўип-қәтерсиз өткерип жибериўди тәмийинлеў, қар көшиўи ҳәм жер көшиўи ҳәдийселериниң қәўпин азайтыў бойынша Ҳүкиметлик комиссияның (кейинги орынларда Комиссия деп аталады) қарарларына тийкарланып басқа да шөлкемлер тәрепинен тек ғана суў тасыўлары менен сел ағымларын өткерип жибериўдиң имканиятсызлығына байланыслы унамсыз ақыбетлердиң алдын алыў мақсетинде әмелге асырылатуғыны;

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыў ҳаққында Комиссия қарары Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң дәрья өзенлерин үйрениў ҳәм суў тасыўлар менен сел ағымларын қәўип-қәтерсиз өткерип жибериў имканиятларын баҳалаў нәтийжелери бойынша биргеликтеги жуўмақларына тийкарланып қабыл етилетуғыны;

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыўға жойбарлаў ҳүжжетлери Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң уйымлары тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи шәрт екени;

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм қырғақларын беккемлеў жумысларын қаржыландырыў Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 19-февральдағы ПҚ-585-санлы ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 29-майдағы 135-санлы қарарларына муўапық әмелге асырылатуғыны;

дәрьялардың өзенлеринде руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тастыйықланған резервлердиң бар екени ҳәм суў режимине унамсыз тәсир етиўге жол қоймаў шәрти менен руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын беретуғын лицензияға қатаң муўапық түрде әмелге асырылатуғыны;

руда емес пайдалы қазылмалар кәнин ислеп шығыў «Санаатгеокәнтехқадағалаў» мәмлекетлик инспекциясы, Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Айрықша жағдайлар министрлиги менен келисилген жер астынан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлейтуғын ислеп шығыў системасы бойынша әмелге асырылатуғыны;

АЖМ қәнигелестирилген отрядлары ҳәм басқа да шөлкемлер руда емес пайдалы қазылмалар қайта исленген ҳәм сатылған жағдайларда жер астынан пайдаланғаны ушын белгиленген тәртипте салық төлейтуғыны, бунда дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын қаржыландырыў руда емес пайдалы қазылмаларды сатыўдан алынған дәраматлардың муғдарына азайтылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртибиниң бузылыўын анықлаў ҳәм оның алдын алыў бойынша турақлы хызмет етиўши Ведомстволараралық топарлар (кейинги орынларда ведомстволараралық топарлар деп аталады) шөлкемлестирилсин және олардың үлги қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер:

Қарақалпақстан Республикасының ҳәм ўәлаятлардың ведомстволараралық топарлары Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Миллий қәўипсизлик хызмети, Айрықша жағдайлар министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң қоспа қарары менен, район ҳәм қала ведомстволараралық топарлары болса, суў объектлериниң орналасыўын есапқа ала отырып, олардың аймақлық бөлимлериниң қоспа қарары менен шөлкемлестирилетуғыны;

ведомстволараралық топарлардың жумысы үстинен басшылық етиў прокуратура уйымлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер Ведомстволараралық топарлардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларының жағдайын Комиссия қарарларына, жойбарлаў ҳүжжетлерине, норуда пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықын беретуғын лицензияларда нәзерде тутылған шәртлерге, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлериниң басқа да талапларына муўапықлығы көз-қарасынан өткериў;

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларын нызамсыз әмелге асырыў жағдайларын анықлаў ҳәм оның алдын алыў бойынша илажларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў;

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртибиниң бузылыўында айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў илажларын көриў;

усы саладағы нызам ҳүжжетлериниң талапларына әмел етиў мәселелери бойынша халық арасында профилактикалық илажларды шөлкемлестириўде ҳәм өткериўде қатнасыў;

өткерилген илажлар менен анықланған ҳуқықбузарлықлар туўралы мәлимлемелерди, сондай-ақ, дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртибин жетилистириў бойынша усынысларды турақлы түрде Комиссияға киргизиў.

  1. Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети, «Санаатгеокәнтехқадағалаў» мәмлекетлик инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларының усы қарар талапларына муўапық түрде әмелге асырылыўы үстинен системалы қадағалаў орнатсын.

Онда усы қадағалаў процесинде өткерилетуғын тексериўлер  Қадағалаўшы уйымлардың жумысын муўапықластырыўшы Республикалық кеңес пенен келисилмеген ҳалда әмелге асырылыўы белгиленсин.

  1. Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы мәмлекетлик уйымлар тәрепинен усы қарардың 4-бәнтинде көрсетилген қадағалаў функцияларының зәрүр дәрежеде орынланыўы үстинен қадағалаў орнатсын.
  2. Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте бир ай мүддетте АЖМ қәнигелестирилген отрядларын шөлкемлестириў ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарар жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери бир ҳәпте мүддетте дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыў ушын жер участкаларын ажыратыў бойынша алдын қабыл етилген қарарларды бийкар етсин, сондай-ақ, буннан былай Комиссияның тийисли қарарысыз жер участкаларын ажыратыўға жол қоймасын.
  4. Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери менен биргеликте исбилерменлик субъектлерине өндиристи шөлкемлестириў ушын суў субъектлериниң сыртында руда емес пайдалы қазылмалардың альтернатив шийки зат өнимлерин анықлаўға көмеклессин.
  5. Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети Айрықша жағдайлар министрлиги, Әдиллик министрлиги, Бас прокуратура, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте:

дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртибин бузғаны ушын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислеў қуралы ямаса тиккелей усындай нәрсе болған затты мәмлекет есабына өткериўге шекемги жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған «Өзбекистан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын;

Дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы нызамды тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын Ҳүкиметлик қарардың жойбарын;

нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрликлер менен ведомстволар бир ай мүддетте қабыл етилген ведомстволық ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасының Бас прокуроры И.Б.Абдуллаевқа жүкленсин.

 

   Өзбекистан Республикасы

              Президенти                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 25-сентябрь

***

Өзбекистан Республикасы Президентиниң  «Суў объектлерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына ТҮСИНИК

Соңғы ўақытларда дәрьялардың өзенлерин, көллерди, суўды қорғаў зоналарын,  каналларды, коллекторлар менен басқа да суў объектлерин тазалаў, сондай-ақ, олардың жағаларын беккемлеў (кейинги орынларда дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў деп аталады) жумысларын  өткериў көринисинде әмелге асырылатуғын қум-шағыл тас материалларын қадағалаўсыз қазып жағдайлары көбейди.

Бул жағдай дәрья түплериниң жуўылып кетиўине, жағалардың опырылыўына себеп болады, бул, өз гезегинде, айрықша жағдайлардың жүзеге келиўине, және пуқаралардың өмирине, денсаўлығына ҳәм мүлкине, сондай-ақ, тәбийғый қоршаған орталыққа зыян келиўи ушын шараят жаратпақта.

Тек ғана 2017-жылдың өткен дәўиринде дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларын нызамсыз әмелге асырыў бойынша 228 жағдай анықланған.  Усы жағдайлар бойынша прокуратура уйымлары тәрепинен жынаят ислери қозғалған.

Жүзеге келген жағдайдың унамсыз ақыбетлерин сапластырыў бойынша кешиктирип болмайтуғын илажларды көриў, сондай-ақ, бул салада ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң  «Суў объектлерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Усы қарар менен дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларының нызамсыз әмелге асырылыўына жол қоймаў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, транспорт ҳәм гидротехника инфраструктурасы объектлериниң қәўипсиз ислеўин тәмийинлеў саласында анық ўазыйпалар белгиленди.

Атап айтқанда, дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумыслары тек ғана суў тасқынлары менен сел ағымларын өткерип жибериўдиң имканиятсызлығына байланыслы унамсыз ақыбетлердиң алдын алыў мақсетинде әмелге асырылады.

Бул жумысларды орынлаў ушын Өзбекистан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң системасында сел,  тасқын ҳәм жер көшиўи қәўпи болған районларда жағаны беккемлеў, қорғаў ҳәм тиклеў жумыслары бойынша қәнигелестирилген инженерлик-техникалық отрядлар шөлкемлестириледи. Усы жумыс пенен басқа да шөлкемлер шуғылланыўы мүмкин.

Бундай жумысларды әмелге асырыў ушын Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 19-февральдағы ПҚ-585-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Суў тасқынларын ҳәм сел ағымларын қәўип-қәтерсиз өткерип жибериўди тәмийинлеў, қар көшиўи ҳәм жер силкиниўи ҳәдийселери қәўпин азайтыў бойынша Ҳүкиметлик комиссияның қарары тийкар болады.

Бунда Комиссия тәрепинен сондай қарар Айрықша жағдайлар министрлиги, Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлиги және Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитеттиң дәрьялардың өзенлерин үйрениў ҳәм суў тасқынлары менен сел ағымларын қәўип-қәтерсиз өткерип жибериў имканиятларын баҳалаў нәтийжелери бойынша биргеликтеги жуўмақларына тийкарланып қабыл етиледи.

Дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыўға жойбарлаў ҳүжжетлери Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң уйымлары тәрепинен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте мәмлекетлик экологиялық экспертизадан өткерилиўи шәрт.

Дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм қырғақларын беккемлеў жумысларын қаржыландырыў бюджет қаржылары, орайластырылған капитал қойылмалардың лимитлери, министрликлер менен ведомстволардың бюджеттен тыс қаржылары, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Республикалық жол қорының қаржылары және басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асырылады.

Руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыўды тәртипке салыў, оның экологияға унамсыз тәсир етиўин сапластырыў мақсетинде дәрьялардың өзенлерин тазалаўда ҳәм жағаларын беккемлеўде әмелге асырылатуғын усы хызмет лицензияланыўы шәрт.

Дәрьялардың өзенлеринде руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў ҳуқықы ушын лицензия Руда емес пайдалы қазылмаларды өз ишине алған жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицензиялар бериў бойынша Министрлер Кабинети Комиссиясы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2011-жыл 2-майдағы ПҚ-1524-санлы қарары менен белгиленген тәртипте тастыйықланған резервлердиң бар екени ҳәм суў режимине унамсыз тәсир етиўге жол қоймаў шәрти менен бериледи.

Руда емес пайдалы қазылмалар кәнин ислеп шығыў «Санаатгеокәнтехқадағалаў» мәмлекетлик инспекциясы, Өзбекистан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Айрықша жағдайлар министрлиги менен келисилген жер астынан ақылға уғрас пайдаланыўды ҳәм қоршаған орталықты қорғаўды тәмийинлейтуғын ислеп шығыў системасы бойынша әмелге асырылады.

Бул саладағы нызам бузылыўшылықларды анықлаў ҳәм оны сапластырыў мақсетинде ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар дәрежесинде қурамына 12 министрликтиң, ведомстволар менен шөлкемлердиң, соның ишинде, мәмлекетлик шегараларды қорғаў, ишки ислер, айрықша жағдайлар, аўыл ҳәм суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў  уйымларының ўәкиллери киргизилген турақлы жумыс алып баратуғын ведомстволараралық топарлар шөлкемлестириледи.

Усы топарлар республикадағы  улыўма узынлығы 12,7 мың километрди қурайтуғын 437 дәрьялар менен басқа да суў объектлериниң аймақлары бойынша өз жумысын алып барады.

Ведомстволараралық топарлардың жумысына басшылық етиў прокуратура уйымларына жүкленеди.

Ведомстволараралық топарлардың тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленди:

– дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларының жағдайын жойбарлаў ҳүжжетлерине, лицензия шәртлери менен нызам ҳүжжетлериниң талапларына муўапықлығы көз-қарасынан үйрениў;

– дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў жумысларын нызамсыз әмелге асырыў ҳалатларын анықлаў ҳәм оның алдын алыў,  сондай-ақ, айыпкер шахсларды жуўапкершиликке тартыў;

– усы саладағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў мәселелери бойынша профилактикалық илажларды өткериў.

Буннан тысқары, мәмлекет басшысы тәрепинен дәрьялардың өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртибин бузғаны ушын ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықты ислеў қуралы есапланған ямаса тиккелей усындай нәрсе болған затты мәмлекет есабына өткериўге шекемги болған жуўапкершиликти күшейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шығыў тапсырылды.

Усы қарардың әмелге асырылыўы, дәрья ҳәм суў бассейнлериниң өзенлерин тазалаў ҳәм жағаларын беккемлеў жумысларын әмелге асырыўды, руда емес пайдалы қазылмаларды қазып алыўды тәртипке салыўды, сондай-ақ, қум-шағыл тас материалларын нызамсыз қазып алыўдың қоршаған орталыққа унамсыз тәсир етиўин сапластырыў имканиятын беретуғынына гүман жоқ.