Россиялы дзюдошылар Қарақалпақстанда

8

Соңғы жыллары елимизде спорт тараўын раўажландырыў ҳәм өсип киятырған жас әўладқа қолайлы шараятлар жаратып бериў бағдарында көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, спорт тараўы жақсы раўажланған еллер менен бирге ислесиўге, тренерлер ҳәм спортшылар арасында өз-ара тәжирийбе алмасыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соның ишинде, Өзбекстан дзюдо Федерациясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлигиниң шөлкемлестириўи менен россиялы белгили дзюдошы Владимир Золоев ҳәм Станислав Касуевлердиң Нөкис Олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында республикамыздың дзюдо бойынша тренер-оқытыўшылары ҳәм спортшыларына өзиниң бай ис-тәжирийбесин үйретиў ушын келгенин айтып өтсек болады.

Қырғыз Республикасы сайланды командасы қурамында көп жыллар даўамында халықаралық жарысларда бир қатар табысларды қолға киргизиўге миясар болған Владимир Золоев 81 кг салмақта Азия чемпионы, Азия ойынлары, Алматы, Ташкент қалаларында өткерилген Гран-При жарыслары, Европа ашық кубогиниң қола медалын  жеңип алыўға еристи. 2011-жылы болса, жас өспиримлер арасында өткерилген жәҳән чемпионатында да қола медалын қолға киргизген.  Сондай-ақ, ол 2021-жылы Токиода болып өткен жазғы Олимпиада ойынларының қатнасыўшысы болып есапланады.

Оның жерлеси Станислав Касуев болса, балалар менен ислеўде үлкен тәжирийбеге ийе тренер болып табылады. С.Касуевтың таярлаған шәкиртлери Россия чемпионы, бир қатар халықаралық жарыслардың жеңимпазы болған.

Кеше бул тәжирийбели тренерлер Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан «Гүлайым дзюдо клубы»на барып, ол жерде клуб тәрбияланыўшылары менен ушырасты. Соның менен бирге, клуб тренерлери ҳәм тәрбияланыўшыларына тәжирийбе сабағын өтти.

– Бурынғы аўқам дәўиринде де Россия ҳәм Грузия мәмлекетлеринен Умар Бестаев, Георгий Гамгабелилер келип, бизлерге тәлим берген еди, – дейди «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген тренер» Мурат Сәрсенбаев. – Бүгинги күни де бул ийгиликли дәстүр даўам етип, россиялы тренерлердиң республикамызға келип дзюдо бойынша тренер-оқытыўшылары ҳәм спортшыларға өзиниң бай ис-тәжирийбесин үйретип атырғанлығына оғада қуўанышлыман. Әсиресе, бүгин Нөкис районында жайласқан «Гүлайым дзюдо клубы»на келип, өзиниң шеберликлерин көрсетиўи, аўыл балаларына қаратылып атырған жоқары итибардың айқын көриниси десек болады. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан дзюдо Федерациясының Қарақалпақстан бөлимине үлкен рахмет айтамыз. Келешекте бул балалар арасынан Өзбекстан, Азия, Жәҳән ҳәм Олимпиада чемпионлары өсип жетилисетуғынлығына беккем исенемиз.

– Жасларыңыздың дзюдоға болған қызығыўшылығын олардың санының көплигинен көрсек болады, – дейди Владимир Золоев. – Ҳәр күни бизлер оларға өзимиздиң тәжирийбемизди үйретип атырмыз. Алдағы ўақытлары бул өзиниң жемисин береди деп ойлаймыз ҳәм республикаңызда бул спорттың раўажланыўына өзлеримиздиң үлесимизди қосқанымыздан қуўанышлымыз.

Адилбай Оразов,

                                               Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы