Мүтәжлерге социаллық турақ жай ажыратыў бойынша нызамлы тийкарларды жаратыў усынысы билдирилди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде фракция ағзаларының өз сайлаў округлеринде халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўлериниң нәтийжелери, үйренилген социаллық объектлердиң жумысы талланып, пуқаралардан келип түскен мүрәжатлар ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап өтилгениндей, бул ретки үйрениўлер даўамында кем тәмийинленген шаңарақлар, майыплығы болған шахслар ҳәм напақа алыўшылардың машқалаларына айрықша итибар қаратылды. Социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў әмелиятындағы машқалалар толық талланды. Жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысы бойынша халықтың пикирлери тыңланып, бәнтлик, арзан турақ жай, коммуналлық хызметлердиң сапасы ҳәм медициналық хызметтен пайдаланыў мәселелери бойынша усыныс ҳәм шағымлары тыңланды.
Фракция ағзалары үйрениў жуўмақларын додалаўда тәкирар мүрәжатларға айрықша итибар қаратты. Аймақларда жол инфраструктурасын жақсылаў, майыплығы болған пуқараларға шараят ҳәм қолайлықлар жаратыў, оларға социаллық турақ жай бериў сыяқлы мәселелерде қайта мүрәжатлар болғаны атап өтилди.
Үйрениўлер даўамындағы көпшилик мүрәжатлар орнында шешилгени айрықша атап өтилди. Мүрәжатларда көтерилген мәселелерден келип шығып, нызамшылықты жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Қизилгул Қосимова, фракция ағзасы:
– Социаллық тармақларда шаўқым шығып атырған айырым мәселе ҳәм машқалаларды додалаў орайына шығыўдан алдын орнына барып үйрениў, шешиў илажларын көриўимиз керек. Балалар бақшаларында ғалаба зәҳәрлениў жағдайынан келип шығып, орынлардағы үйрениўлеримизде бир қатар мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысы менен таныстық, аутсорсинг ҳәм кейтеринг хызметлериниң жағдайын үйрендик. Бул системалар бүгин қаншелли әҳмийетли екенин талладық. Кейтеринг системасы бақшаларға туўры келмейди. Аутсорсинг системасы болса әдеўир жақсы ислемекте. Орайласқан ҳалда аўқатлардың менюи таярланып, бақшалардың өзинде аўқатлар писирилмекте. Итибарлысы, бақшалардағы өнимлер тәбийғый, үлкен резерв жыйналып қойылмаған.
Соның менен бирге, социаллық қорғаўға мүтәж, майыплығы болған пуқаралар, жалғыз кекселер ушын социаллық турақ жайлар ажыратыў мәселесиндеги мүрәжатларды додаладық. Бул бағдарда нызамшылыққа тийисли усыныслар таярлаўға келисип алдық.
Муҳтарама Комилова, ӨзАның хабаршысы