Сенаторлар әҳмийетли мәселелерди терең үйренип, таллап атыр

5

Сенаттың гезектеги жалпы мәжилиси алдынан онда көрип шығылатуғын әҳмийетли мәселелер сенаторлар тәрепинен терең үйренилип, талланбақта. Ҳәр бир мәселе бойынша қәнигелерди тартқан ҳалда додалаўлар алып барылып, кемшиликлерди сапластырыў бойынша әмелий илажлар көрилмекте.

Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң мәжилисинде Омбудсманның 2025-жылдағы жумысы ҳаққындағы есабаты көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, өткен жылы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил (Омбудсман) атына келген 26 мың 372 мүрәжаттың 82 проценти унамлы шешилген. Омбудсман ҳәм жәмийетлик топарлар тәрепинен жазаны орынлаў мәкемелерине 954 мониторинг сапарлары әмелге асырылған.

Ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм парламентлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде 2025-жылы “Теңлик ҳәм ҳүрмет” платформасы иске қосылды. Бул платформа шеңберинде ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайларында илажлар өткерилди, зорлыққа ушыраған 150 ден аслам ҳаял-қызлар менен жәмәәтлик ҳәм индивидуаллық сәўбетлер шөлкемлестирилди.

Мәжилисте инсан ҳуқықларын қорғаў тараўында жәмийетлик институтлар ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында бирге ислесиўди күшейтиў және парламентлик қадағалаўды және де нәтийжели шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

***

Сенаттың Илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери комитети, Бюджет ҳәм экономикалық мәселелер комитети және Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң қоспа мәжилисинде болса Омбудсман менен биргеликте Балалар омбудсманының баянатлары додаланды.

Сенаторлар пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, сондай-ақ, нызам бузылыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде Омбудсманның мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, олардың лаўазымлы шахсларына жиберилген арза ҳәм шағымлары, усыныс хаты ҳәм усыныс характерине ийе жуўмақларының орынланыўы мәселелерин көрип шықты.

Мәжилисте Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен әмел етилиўи жағдайы ҳаққындағы баянаты додаланды.

Балалардың мәплерин қорғаўға қаратылған нызамшылықты жетилистириў жумыслары даўам еттирилгени, есап бериў жылында тараўда бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилгени атап өтилди.

Сенаторлар Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң тәсир илажларын қолланыў нәтийжелилигин арттырыў, мүрәжатлар менен ислесиў сапасын жақсылаў, қадағалаў ҳәм орынлаў тәртибин беккемлеў бойынша өз усынысларын билдирди.

Додалаў жуўмағында комитетлердиң бул баянатларды Сенаттың гезектеги жалпы мәжилисиниң күн тәртибине киргизиў ҳаққындағы биргеликтеги қарары қабыл етилди.

Н.Абдураимова, ӨзА