Өзбекстанда азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 152,1 триллион сумды қураған

15

Мәмлекетимизде азықаўқат санаатын раўажландырыў, халықты сапалы ҳәм қәўипсиз өнимлер менен тәмийинлеў экономикалық сиясаттың әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.

Кейинги жылларда бул тараўда өндирис көлемлериниң турақлы өсип атырғаны тармақ нәтийжелилигиниң артып атырғанын көрсетпекте.

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, өткен 2025-жылы мәмлекетимизде ири кәрханалар тәрепинен жәми 152,1 триллион сумлық азық-аўқат өнимлери ислеп шығарылған.

Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 9,7 процентке артқан.

Аймақлар кесиминде азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми төмендегише:

Қарақалпақстан Республикасы – 6,6 триллион сум;

Әндижан ўәлаяты – 9,6 триллион сум;

Бухара ўәлаяты – 11,3 триллион сум;

Жиззақ ўәлаяты – 3,3 триллион сум;

Қашқадәря ўәлаяты – 10,2 триллион сум;

Наўайы ўәлаяты – 7,9 триллион сум;

Наманган ўәлаяты – 8,5 триллион сум;

Самарқанд ўәлаяты – 19,5 триллион сум;

Сурхандәрья ўәлаяты – 3,2 триллион сум;

Сырдәрья ўәлаяты – 5,4 триллион сум;

Ташкент ўәлаяты – 21,5 триллион сум;

Ферғана ўәлаяты – 11,6 триллион сум;

Хорезм ўәлаяты – 6 триллион сум;

Ташкент қаласы – 27,6 триллион сум.

Қәнигелердиң пикиринше, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлеминиң өсиўи ишки базар турақлылығын тәмийинлеў менен бирге экспорт имканиятларын да кеңейтиўге хызмет етпекте.

Бул болса мәмлекеттиң экономикалық раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА