Жаслар исбилерменлиги ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны мәлим етилди

13

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен даўам етип атырған сөйлесиўинде атап өтилди.

Ҳәр жылы 600 мың жас мийнет базарына кирип келмекте, 2030-жылға барып олар 1 миллионға жетеди. Жасларға өзине сай жумыс табыўы ушын шараят жаратыў – ең әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.

Жаслар арасында сораўнама өткерилип, олардың үштен бир бөлеги исбилермен болыў тилегин билдирген. Өткен жылы жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын банклер ҳәм Жаслар ислери агентлигине 400 миллион доллар берилген еди. Атап айтқанда, “Жаслар бизнеси”, “Келешекке қәдем” бағдарламалары есабынан 15 мың жас өз исбилерменлигин жолға қойды, 50 мың адам жумыс пенен тәмийинленди.

Президентимиз жаслар исбилерменлиги ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғынын мәлим етти.

Өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдары 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылады. Жас исбилерменлердиң жойбарлары ушын 10 миллиард сумға шекем кредит ажыратыў мүмкин болады (ҳәзир 5 миллиард сумға шекем). Инновациялық стартап жойбарларына 100 мың долларға шекем инвестиция киргизиўге руқсат бериледи.

Хызмет көрсетиў ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында 1 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан жергиликли брендлерден франшиза алып, филиал ашыўға қызығып атырған жаслар ушын қолайлы қаржыландырыў пакетлери енгизиледи.

ӨзА