Президент жасларымыз ерисип атырған үлкен жеңислерге айрықша тоқтап өтти

21

Президент Шавкат Мирзиёевтиң “Көксарай” резиденциясында жаслар менен сөйлесиўи даўам етпекте.

Жаратылған кең имканиятлар нәтийжесинде соңғы жылларда жасларымыз жәҳән пән олимпиадаларында 66 алтын, 147 гүмис, 221 қола медалын қолға киргизди.

Гарвард, Ель, Принстон, Колумбия, Корнелл сыяқлы дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған жасларымыз 500 ден, ТОП-100 ликте оқып атырған ул-қызларымыз 3,5 мыңнан асты.

Жаңалыққа умтылыўшаң жасларымыз жаратқан 63 стартап жойбары АҚШ, Қубла Корея, Уллы Британия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлер базарына кирип барды.

Жас спортшыларымыз халықаралық ареналарда 720 алтын, 671 гүмис ҳәм 854 қола медалының ийеси болды. Бүгин жас исбилерменлер елимиздеги бизнес ўәкиллериниң 35 процентин қурамақта.

ӨзА