Неге сайрасын бүлбил…

6

9-февраль – Әлийшер Наўайының туўылған күни

Неге сайрасын бүлбил…

Неге сайрасын бүлбил, болса гүлистаннан жуда,
Тоты да сес шығармас – болса шийрин ләбиңнен жуда.

Қуяштан жасырынсаң – қорқаман әлем өртенер,
Ҳәр ушқын болар бул отлы пығаннан жуда.

Деме, мени жойтып көп нала шекпей атырсаң,
Тән қалай жыласын, болса нәпес жаннан жуда.

Айралық өлимнен жаман, пәлек, жарылқасаң мени –
Әйлегил жаннан жуда, әйлеме жананнан жуда.

Болса жүз жаным, ал, әй ҳижран, лекин әйлеме
Ярды меннен жуда яки мени оннан жуда.

Ўисалға жеткен гүбелек өртенди – бул мәҳәлде
Таң оны әйледи түн бойы жанған шамнан жуда.

Бир ийесиз ийт болып еди Наўайы ярсыз,
Болмасын, я Рәббим, ҳәргиз бенде султаннан жуда.

 

Сағынбай Ибрагимов аўдармасы