Жиззақ ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў режелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ ўәлаятында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилиги ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша мәжилис өткерди.
Өткен жылларда алып барылған реформалар ҳәм системалы илажлар нәтийжесинде ўәлаят экономикасында структуралық трансформация жүз берди. Нәтийжеде аймақ аграр тараўдан диверсификацияланған санаат, хызметлер ҳәм заманагөй агрокластерлерге қәнигелестирилди. Тоқымашылық, қурылыс материаллары, автомобиль қурылысы, электротехника ҳәм туризм сыяқлы жаңа өсиў драйверлери қәлиплести.
Жалпы аймақлық өнимде санааттың үлеси 9,1 проценттен 18,8 процентке артты, аўыл хожалығының үлеси 50 проценттен 36 процентке азайды. Сондай-ақ, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық сәйкес түрде 4,9 ҳәм 5,8 процентке азайды, экспорт 1,8 есеге, хызмет көрсетиў 1,6, санаат өндирисиниң көлеми 1,9 есеге көбейди.
25 ири және 533 орта ҳәм киши инвестициялық жойбарлар иске қосылды, 1,4 миллиард доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Экспорт етиўши кәрханалардың саны 160 ға жетип, экспорт көлеми 285 миллион долларды қурады.
Мәжилисте ўәлаятта кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты және де қысқартыў, санаат, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығында кескин өсиўге ерисиў бойынша режелер көрип шығылды.
Атап айтқанда, 2026-2027-жыллары жалпы аймақлық өнимниң өсиў пәтлерин 8,5 процентке жеткериў, санаатта өндирис көлемин 8 процентке арттырыў, 5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў ҳәм жыллық экспорт көлемин 500 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Итибарлы тәрепи, өткен жыллары инвестициялар тийкарынан шийки зат қазып алыў ямаса әпиўайы жыйнаў өндирисине бағдарланған болса, енди жоқары қосымша қунға ийе санаат жойбарларына бағдарланады.
Буннан тысқары, усы жылы ўәлаятта жумыссызлық дәрежесин 3 процентке, кәмбағаллықты 2,8 процентке түсириў, 182 мәҳәллени жынаятшылықтан жырақ аймаққа айландырыў нәзерде тутылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул мақсетлерге ўәлаяттағы мәҳәллелерди терең қәнигелестирмей турып ерисиўге болмайтуғынын атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен ўәлаятта келеси еки жылда жаңа модель раўажландырылады. Аймақтағы 304 мәҳәллениң салыстырмалы үстинликлери талланып, олардың бағшылық, шарўашылық, овощ ҳәм палыз жетистириў, санаат, сервис ҳәм туризм бағдарларына қәнигелесиўин тереңлестириў бағдарламасы ислеп шығылды.
Бағдарлама шеңберинде 5 мың гектар ески бағ ҳәм жүзим атызларында сертификатланған нәллер егиў, 4,6 мың гектар санаатластырылған плантациялар жаратыў, 10 мың гектар халықтың қыйтақ жер ҳәм ижара жер майданларында өнимдарлығы жоқары ҳәм экспортқа қолайлы өнимлер жетистириў, 101 мың бас шарўа малларының нәсилин жаңалаў, 5 санаат микроорайлары, 6 ири туризм комплекслерин шөлкемлестириў, ҳәр бир район орайында дем алыў бағларын қурыў ҳәм адамлар көп топланатуғын көшелер шөлкемлестириў сыяқлы жумыслар әмелге асырылады.
Мәжилисте “драйвер” жойбарлар инфраструктурасын беккемлеў ушын усы жылы 200 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди. Санаатты раўажландырыў мақсетинде 2026-2027-жылларда улыўма баҳасы 2,7 миллиард долларлық ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылады. Онда ўәлаяттағы қорғасын-цинк, вольфрам, алтын ҳәм басқа да рудалық емес кәнлерден нәтийжели пайдаланыў керек екенлиги көрсетип өтилди.
Зомин районында аўыл хожалығы илимий-санаат парки жойбарының презентациясында мәккени қайта ислеп, жоқары фруктозалы сироп ҳәм аллулоза ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыў режелестирилгени айтылды.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы бағдарында нәсилли шарўа малларын сатып алыў, түйешиликти раўажландырыў, “Жайылма” каналын реконструкциялаў илажлары көриледи.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятты раўажландырыўда таўлы ҳәм шөл аймақларының потенциалын айрықша көзқараслар тийкарында жүзеге шығарыў зәрүр екенлигин атап өтти. Соның ишинде, усы жылы 25 мың гектар суўғарылмайтуғын ҳәм жайлаў жерлерин пайдаланыўға киргизиў ҳәм жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша үш жыллық бағдарлама ислеп шығыў режелестирилген.
Мәжилисте Жиззақ ўәлаятының туризм потенциалы да талланды. Айдар-Арнасай көллер системасы, сондай-ақ, Бахмал, Фариш, Зафарабад, Шараф Рашидов ҳәм Ғаллаарал районларының имканиятлары толық иске қосылмай атырғаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен бул районларда туризм комплекслерин шөлкемлестириў, Арнасай аэропортын кеңейтиў, халықаралық автомобиль жоллары бойында саўда-сервис комплекслерин қурыў режелери көрип шығылды.
Усы жылы мәҳәллелерде социаллық объектлер, жоллар, ишимлик суўы, канализация ҳәм электр тармақларының қурылысы ушын 30 миллион доллар, келеси жылы болса және 10 миллион доллар қаржы ажыратылады. Соның есабынан 14 мәҳәлледеги социаллық тараў объектлери, алыс 28 мәҳәллени байланыстырыўшы 105 километр жоллар, 9 мәҳәлле халқы ушын 50 километр ишимлик суўы, электр тармақлары, 13 мәҳәлледе 65 километр ақаба суў тармақлары қурылады ҳәм оңланады.
Қала қурылысы бағдарында Бахмал, Зафарабад ҳәм Ғаллаарал районларын космостан режелестириў ҳәм бас режелерин ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Жиззақ қаласы ҳәм Шараф Рашидов районы бирден-бир агломерация аймағы сыпатында раўажландырылады. Бул бойынша ислеп шығылатуғын бас режеде қала ишиндеги тығылысларды азайтыў мақсетинде 10 километрлик айланба жол қурыў, қала ҳәм районды байланыстыратуғын бирден-бир жәмийетлик транспорт системасын жолға қойыў, бирден-бир ҳәкимшилик имарат қурыў арқалы шөлкемлерди бир жерге көшириў нәзерде тутылады.
Мәжилис жуўмағында жуўапкерлерге ўәлаятты буннан былай да раўажландырыў шеңбериндеги ҳәр бир жойбарды халықтың бәнтлиги ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў менен байланыстырып орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.
ӨзА