Мәҳәлледе қәнигелесиўди хошаметлеўши қосымша финанслық механизмлер жолға қойылады

29

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша 2026-жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.

Мәҳәлледе қәнигелесиўди хошаметлеўши қосымша финанслық механизмлер де жолға қойылады. Атап айтқанда, қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықларына:

– сертификаты бар нәллерди сатып алыў қәрежетиниң ярымы бюджеттен қаплап бериледи;

– мийўениң түрине қарап, “шпалер”лер ушын 20 мың сумнан 70 мың сумға шекем субсидия ажыратылады;

– қыйтақ жерине тамшылатып суўғарыўды енгизгенлерге ҳәр 1 сотых ушын 160 мың сум компенсация төленеди.

Егер шебер дийқанлар мәҳәлледеги ҳәр 10 шаңарақта экспортқа қолайлы өним жетистириўди жолға қойса, 2 миллион сум, буны қыйтақ жери бар шаңарақлардың кеминде 30 процентинде ислесе, және 75 миллион сумнан сыйлық алады.

Быйыл 2 мың гектар тоғай жери 4 мың кәмбағал шаңараққа 50 сотыхтан тутзарлық етиў ушын 10 жылға бийпул бериледи. Онда пилле кооперациясын дүзиў ушын жәрдемге мүтәж шаңарақларға 4 миллион сумнан субсидия ажыратылады.

Буннан тысқары, үйинде пилле жетистириў тилегиндеги жәрдемге мүтәж шаңарақларға бөлмени үскенелеў ҳәм үскене сатып алыў ушын 20 миллион сумға шекем процентсиз ссуда бериледи.

ӨзА