Жоқары зүрәәтке дәслепки қәдем: Әмиўдәрьяда шигит егиўге таярлық

17

Әмиўдәрья районының Толқын ҳәм Ақ алтын АПЖ аймақларында 2026-жылғы шигит егиў мәўсимине таярлық көриў шеңберинде республикалық көргизбели семинарлар шөлкемлестирилди.

Өткерилген семинарлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы Анвар Жуманазаров, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары Анвар Халимбетов басшылығында өткерилип, оған аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларына жуўапкер шөлкемлердиң басшылары, район ҳәкимлериниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасарлары ҳәм фермер хожалықларының басшылары қатнасты.

Семинарда аўыл хожалығы техникаларын оңлаў устаханаларында алып барылып атырған жумыслар, техника ҳәм агрегатларды мәўсимге таярлаў барысы көзден өткерилди. Соның менен бирге, егислик жерлерди сүриў, лазерли тегислеў, шор жуўыўға жер таярлаў, шел алыў ҳәм шор жуўыў жумысларының барысы бойынша әмелий түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, туқымлық шигитлерди тазалаў, саралаў ҳәм дәрилеў, биолабораторияларды мәўсимге таярлаў мәселелери семинарлардың әҳмийетли бағдарларынан бири болып, бул ислер бир тегис нәл жетистириў ҳәм жоқары өнимдарлыққа ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.

Усылар менен бир қатарда семинарда шығып сөйлеген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы Анвар Жуманазаров жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, агротехникалық илажларды толық ҳәм сапалы әмелге асырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири екенин атап өтип, шорланған жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў арқалы турақлы өнимдарлыққа ерисиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Өз гезегинде, Суў хожалығы министри Бахтияр Юсупов ишки суўғарыў тармақларын бетонластырыў, қәндеклерди белгиленген нормаларда қазыў, суўдың жумсалыўын анық есапқа алыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.

Өткерилген илажлар шеңберинде республикамыз бойынша 2026-жыл өними ушын егилген ғәлле майданларына төгин шығарыў, жерге жер қосыў, мелиоративлик жағдайды жақсылаў ҳәм ишки суўғарыў системаларын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар додаланды. Фермерлер менен өз-ара пикирлесип, олардың усыныс ҳәм машқалалары тыңланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги