Султанов Хайриддин Мадриддиновичке “Өзбекстан Республикасы халық жазыўшысы” ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

35

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы  

Мәмлекетлик уйымлардағы көп жыллық нәтийжели мийнети, миллий әдебиятымыз ҳәм мәдениятымыздың раўажланыўына қосқан үлкен үлеси, өзиниң бийтәкирар таланты, көп тәреплемели дөретиўшилик жумысы менен халқымыздың көркемлик ой-пикирин, руўхый-интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыў, өзбек әдебияты ғәзийнесин тарийхый ҳәм заманагөй темадағы жарқын шығармалар менен байытыў, елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мәнисин халық арасында үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жәмийетлик-сиясий турмыста белсене қатнасқаны ҳәм туўылған күниниң 70 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи – Спичрайтери Султанов Хайриддин Мадриддиновичке “Өзбекстан Республикасы халық жазыўшысы” ҳүрметли атағы берилсин.

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев