Газ қазып алыўдың көлемин арттырыў ҳәм тараўды трансформациялаў бойынша режелер көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 12-январь күни “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң келешектеги ўазыйпалары ҳәм режелери бойынша презентация менен танысты.
Энергетикалық қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм экономика тармақларына энергия ресурсларын үзликсиз жеткерип бериў елимиз раўажланыўының әҳмийетли факторларынан болып есапланады. Усы көзқарастан, газ тараўында өндирис нәтийжелилигин арттырыў, заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў ҳәм геологиялық-излеў жумысларын күшейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.
Презентацияда “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетиниң алдында турған ең тийкарғы ўазыйпа тәбийғый газ резервлерин арттырыў ҳәм қазып шығарыўдың көлемин көбейтиў екени атап өтилди. Компания күнлик газ қазып шығарыў көлемин 66 миллион куб метрден 70 миллион куб метрге көбейтиў, усы жылы кеминде 25,4 миллиард куб метр газ қазып шығарыў илажларын көриўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бар имканиятларды иске қосыў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Газ резервлерин өсириў ушын жаңа перспективалы инвестициялық блокларды қәлиплестириў, инвесторларға берилген айырым майданларда болса жумысларды жеделлестириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Нефть ислеп шығарыў ҳәзирги ўақытта қуўатлылықтың 70 процентинде әмелге асырылып атырғаны, өним болса 50 процент арзан баҳаларда экспорт етилип атырғаны көрсетип өтилди. Нефтьтен полимер өнимлерин ислеп шығарса, қосымша қунды 6 есеге арттырыў имканияты бар екенлигин есапқа алып, бар қуўатлықларды толық иске қосыў илажларын көриў тапсырылды.

“Өзбекнефтьгаз”дың финанслық жағдайын жақсылаў илажлары да көрип шығылды.
Мәжилисте нефть-газ тараўында урлық ҳәм коррупция жағдайларына қарсы гүресиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
“Өзбекнефтьгаз”дың финанслық жағдайын жақсылаў илажлары да көрип шығылды.
Мәжилисте нефть-газ тараўында урлық ҳәм коррупция жағдайларына қарсы гүресиў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Тараўдағы коррупциялық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мақсетинде “Өзбекнефтьгаз” структурасында баслықтың айрықша орынбасары лаўазымы киргизилип, комплаенс ҳәм коррупцияға қарсы ишки қадағалаў хызмети шөлкемлестирилди. Системадағы ҳәр қандай нызамсыз жағдайды жедел анықлаў ҳәм алдын алыў бойынша нәтийжели система жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Президентимиз нефть-газ тараўында трансформацияны тереңлестириў, газ резервлерин ҳәм қазып алыў көлемлерин арттырыў, финанслық тәртипти күшейтиў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
ӨзА