Хакерлер 17 миллионнан аслам пуқараның мағлыўматын урлаған

Американың киберқәўипсизлик компаниясы “Malwarebytes”тиң мағлыўматына бола, хакерлер социаллық тармақтағы миллионлаған аккаунтлардан мағлыўмат урлаған.
– Кибержынаятшылар 17,5 миллион “Instagram” бетинен жасырын, соның ишинде, пайдаланыўшының аты, физикалық шахслардың мәнзили, телефон номери, электрон почта мәнзили ҳәм басқа да мағлыўматларды урлаған, – деп жазады компания социаллық тармақ бетинде.
“Notebookcheck” порталының хабар бериўинше, бул информациялар фишинг ҳүжими ҳәм аккаунтты урлаў ушын пайдаланылыўы мүмкин. Атап өтилиўинше, мағлыўматтың қорғаўсыз шығыўына себеп болған әззилик пайда болыўы 2024-жылға барып тақалады.
Бул тармаққа ийелик етиўши “Meta” компаниясы ҳәзирше ўақыяға рәсмий түсиник бермеген.
С.Раҳимов, ӨзА