Баланың ең тийкарғы мәплери белгиленбекте

Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде бир қатар нызам жойбарлары додаланды. Соның ишинде, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине басым ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў және баланың ең тийкарғы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары қызғын додалаўларға себеп болды.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанда ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарата ҳәр қандай зорлықтың алдын алыўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Бирақ, әмелдеги нызамшылықтағы бослықлар зорлықтан жәбирленгенлерге толық жәрдем бериўге тосқынлық етпекте.
Бул нызам жойбары менен күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар, олардың ержетпеген перзентлериниң нызамлы мәплерин мәмлекет тәрепинен қорғаў және де күшейтилмекте. Соның ишинде, қысым ҳәм зорлыққа ушыраған балалардың ҳуқықларын қорғаўдың жаңа механизмлерин жетилистириў нәзерде тутылмақта. Зорлыққа маўасасыз қатнас, ҳаял-қыз ҳәм бала ҳуқықларын қорғаўға мәмлекеттиң жуўапкершилиги Халық демократиялық партиясы ушын оғада әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.

Додалаўларда депутатлар жойбардағы нормалар бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Депутат Ж.Ачиловтың пикиринше, нызамда көрсетилген баланың ең тийкарғы мәпи деген түсиниктиң анық шегарасы нелерде сәўлелениўи нызамшылықта көрсетилиўи керек. Болмаса жәмийет ағзалары арасында, ҳуқықты қолланыў ўақтында түсинбеўшиликлер пайда болыў итималы жоқары.
Додалаўлардан соң нызам жойбары бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА