Өзбекстанда товарлар ҳәм өнимлер импортына қолланылып атырған ноль бажылар бир жылға созылды

36

Президентимиздиң 2025-жыл 30-декабрьде қабыл етилген “Халықтың айрықша түрдеги тутыныў өнимлерине болған талапларын кепилликли тәмийинлеў және экономиканың айырым тармақларын буннан былай да қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы пәрманы мәмлекетте социаллық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм экономикалық реформаларды жеделлестириўге қаратылған.

Бул пәрман арқалы халық ушын зәрүр товарлар базарында турақлы тәмийнатты тәмийинлеў, баҳалардың кескин өсиўиниң алдын алыў және стратегиялық тармақларды хошаметлеўге қаратылған жаңа механизмлер енгизилмекте.

Атап айтқанда, пәрман менен Өзбекстанда айырым товарлар ҳәм өнимлер импортына қолланылып атырған ноль бажыхана бажысы және бир жылға – 2027-жыл 1-январьға шекем созылды. Бул қарар халық ушын әҳмийетли болған товарлардың баҳасын турақластырыў, базарда бәсекини арттырыў ҳәм экономиканың тийкарғы бағдарларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Пәрманға муўапық, нольлик бажылар қолланылатуғын товарлар дизимине азық-аўқат өнимлери, балалар кийимлери ҳәм гигиена қураллары киргизилген. Соның менен бирге, электромобильлер ушын қуўатлаў станциялары ҳәм олардың аўысық бөлеклери келеси еки жыл – 2028-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажыларынан азат етилди. Бул болса мәмлекетте “жасыл экономика”ны раўажландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта.

Бизге белгили, 2022-жыл май айында 23 түрдеги азық-аўқат өнимлери импорт бажыларынан азат етилген еди. Кейин ала, 2023-жыл март айында және 36 категориядағы товарларға бул жеңилликлер енгизилди.

Енди бул жеңилликлердиң әмел етиў мүддети создырылмақта. Дизимнен балық ҳәм уўылдырық консервалары, гөш ҳәм сүт өнимлери, кофе, цитрус мийўелер, сыр, творог, шоколад, нан ҳәм макарон өнимлери, сондай-ақ, шаш ҳәм жеке гигиена қураллары, парфюмерия, балалар кийимлери, мийўе-овощ ҳәм ғозалар орын алған.

Қәнигелердиң пикиринше, нольлик бажылардың сақланып қалыныўы импорт қәрежетлерин азайтады, бул болса айырым товарлардың баҳасының кескин артып кетиўин шеклеўи мүмкин. Бирақ нәтийже тек ғана бажыхана жеңилликлери менен шекленип қалмастан, логистика, валюта курслары ҳәм ишки базардағы бәсекиге де байланыслы болады.

Пәрманға тийкарланып, 2028-жыл 1-январьға шекем электромобильлер ушын қуўатлаў станциялары, олардың комплектлеўши бөлеклери, хызмет көрсетиў инфраструктурасы ушын технологиялық үскенелер енгизиледи.

Сондай-ақ, пиллешилик тараўы да итибардан шетте қалмады. Жипекти қайта ислеў ҳәм тоқыў үскенелери, тут туқымлары ҳәм нәллери, элита ҳәм санаат жипек қурты туқымлары ушын аўысық бөлеклер де бажыхана жеңилликлерине ийе болды. Бул болса экспортқа қолайлы дәстүрий тармақты қоллап-қуўатлаўға қаратылған.

Пәрманның және бир әҳмийетли тәрепи – шығындылар менен байланыслы жумысты хошаметлеў. 2031-жыл 1-январьға шекем республикада ислеп шығарылмайтуғын арнаўлы техника ҳәм үскенелер, сондай-ақ, биобөлеклениўши материалларды қайта ислеў ушын зәрүр шийки зат бажыхана бажысынан азат етиледи.

Буннан тысқары, 2026-2031-жыллар даўамында шығындылар тараўында жумыс алып барып атырған ҳәм белгиленген нормаларға жуўап беретуғын кәрханалар ушын пайда салығы ҳәм социаллық салық 1 процент етип белгиленеди. Бул жеңилликлер шығындыларды жыйнаў, сайлап алыў ҳәм қайта ислеўден түскен дәрамат улыўма дәраматтың кеминде 90 процентин қураўы, ҳәр бир хызметкердиң айлық мийнет ҳақысы ЕКИҲның кеминде еки есесине тең болыў шәртлери тийкарында қолланылады.

Нольлик бажылар ҳәм салық жеңилликлериниң создырылыўы қысқа мүддетте халық ушын әҳмийетли товарлардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, орта ҳәм узақ мүддетте болса экономиканың стратегиялық тармақларын раўажландырыўға хызмет етеди. Бирақ бул жеңилликлердиң нәтийжеси базарда ашық-айдынлық ҳәм саламат бәсеки тәмийинленгенде ғана толық көриниўи мүмкин.

Шаҳноза Маматуропова, ӨзА