Россия елшиси Шавкат Мирзиёевтиң басшылығындағы реформаларды жоқары баҳалады

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Россия Федерациясының Өзбекстан Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Алексей Ерховты қабыллады.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы қатнасықлар өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған ҳалда избе-из раўажланып атырғаны, жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.
Өз гезегинде, А.Ерхов Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда әмелге асырылып атырған тарийхый реформаларды жоқары баҳалады. Еки мәмлекет басшылары арасындағы турақлы сөйлесиў қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў ушын беккем тийкар жаратып атырғанын айтып өтти.
Сондай-ақ, Шавкат Мирзиёевтиң Санкт-Петербург қаласында болып өткен Жоқары Евразия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде бақлаўшы мәмлекет басшысы статусында қатнасқаны Өзбекстанның региондағы геосиясий ролин ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўге болған тийкарғы бағдарын және де беккемлейтуғынын атап өтти. Өзбекстан жетекшисиниң Лев Толстой атындағы халықаралық тынышлық сыйлығы менен сыйлықланыўы Орайлық Азияны тынышлық, абаданлық ҳәм дөретиўшилик мәканына айландырыў жолындағы ҳәрекетлериниң тән алыныўы болғанын атап өтти.
Сөйлесиўде еки мәмлекет парламентлери бирге ислесиў қатнасықларының ҳәзирги жағдайын ҳәм оны буннан былай да кеңейтиў мәселелерин де додалады. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы менен Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Мәмлекетлик Думасының Бирге ислесиў бойынша парламентлераралық комиссиясының үшинши мәжилисин өткериў бойынша да пикир алысылды.
М.Комилова,
ӨзА