Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў мәселелерин додалады

8

24-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевти туўылған күни менен қызғын қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшисиниң мәмлекет ғәрезсизлигин беккемлеў, оны бирлестириў, турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм халықаралық абырайын арттырыўдағы тарийхый ролин айрықша атап өтти.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Әзербайжан дослық ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Быйылғы Экономикалық кооперация жылында биргеликте әмелге асырылған жумыслардың нәтийжели болғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Барлық дәрежеде нәтийжели сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар даўам етпекте. Өз-ара товар алмасыў жедел пәтлерде өсип бармақта, “жол картасы” тийкарындағы 20 тийкарғы бағдардағы жойбарлар жедел басқышқа кирген.

Илажларға бай мәдений-гуманитарлық алмасыўлар бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан басшылары халықаралық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысты, келешектеги илажлар режесин көрип шықты.

 

ӨзА