Аллергиялық кеселликлер: глобаллық қәўип, инновациялық шешимлер ҳәм Өзбекстан тәжирийбеси

9

Соңғы жыллары аллергиялық кеселликлер дүнья көлеминде кең тарқалып атырған, инсан саламатлығына үлкен қәўип туўдырып атырған кеселликлер қатарына кирди. Қоршаған орталықтың патасланыўы, химиялық қосымшаларға бай азық-аўқат өнимлерин пайдаланыўдың артыўы, дәри қуралларын қадағалаўсыз қабыл етиў, аз ҳәрекетлилик ҳәм турақлы стресс жағдайлары аллергиялық кеселликлердиң көбейиўинде тийкарғы фактор сыпатында келтирилмекте.

Усы мүнәсибет пенен, бул кеселликлерди ерте анықлаў, нәтийжели емлеў ҳәм олардың алдын алыў күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселеге айланды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 23-ноябрьдеги “Аллергиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеўдиң сапасын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары елимизде аллергология тараўын пүткиллей реформалаўда әҳмийетли қолланба болмақта.

Аллергиялық кеселликлер инсан иммунитет системасының сыртқы орталықтағы әдетте зыянсыз дәрилик затларға жүдә сезгир жуўап реакциясы нәтийжесинде келип шығады. Олар дем алыў жоллары, тери, ас сиңириў системасы ҳәм де пүткил организм хызметине тәсир етиўши түрли клиникалық белгилер менен көринеди.

Жәҳән тәжирийбеси соны көрсетеди, аллергиялар тек ғана саламатлық емес, ал экономикалық ҳәм социаллық жүкти де арттырады. Әсиресе, урбанизация, санаатласыў ҳәм климаттың өзгериўи шараятында бул түрдеги кеселликлер жыл сайын артып бармақта.

Мәмлекетимизде аллергология ҳәм клиникалық иммунология тараўы толық трансформацияланып, бир пүтин вертикал басқарыў системасы енгизилди. Әҳмийетлиси, медициналық хызмет көрсетиў көлеми республикадан район дәрежесине шекем түсирилди.

Бул процессте Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайы жетекши мәкеме сыпатында жумыс алып бармақта. Орайда 200 ге шамалас заманагөй диагноз усыллары қолланылып, аллергиялық кеселликлер молекуляр дәрежеде анықланбақта. Атап айтқанда, “ALEX” диагноз усылы арқалы дерлик 300 аллергенге сезгирлик анықланса, “PROTIA Allergy-Q 96” ҳәм “Phadia 200” технологиялары аллергология диагностикасында халықаралық “алтын стандарт” талапларына толық жуўап береди.

Орайда әмелге асырылған реформалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де жоқары баҳаланып, мәкемеге ISО 9001:2015 ҳәм ISО 7101:2023 халықаралық сапа сертификатлары тапсырылған. Бул болса орайда көрсетилип атырған медициналық хызметлер халықаралық стандартларға толық сәйкес екенлигин тастыйықлайды.

Аллергология тараўындағы ең әҳмийетли жаңалықлардан бири, инсект аллергиясына қарсы жаңа иммунотерапия усылының енгизилиўи болды. Изертлеўлерге бола, анафилактикалық шок жағдайларының 20-30 проценти жәнликлер шаққаны менен байланыслы болып, өз ўақтында жәрдем көрсетилмесе, өмир ушын оғада қәўипли есапланады.

Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайында Орайлық Азияда биринши мәрте ҳәрре зәҳәри тийкарында таярланған аллерген-спесифик иммунотерапия (АСИТ) усылы жолға қойылды. Бул усыл арқалы аллерген организмге киши дозаларда жиберилип, иммун системасының сезгирлиги төменлетиледи, қанда улыўма IgE муғдары азайып, қорғаўшы IgG4 антителалар муғдарының артыўына ерисиледи.

Заманагөй медицина аллергиялық кеселликлерди толық жоқ етиўден гөре, оларды қадағалаў ҳәм узақ мүддетли ремиссияға ерисиўге қаратылған. Бирақ, аллерген-специфик иммунотерапия сыяқлы усыллар айырым жағдайларда аллергияның себебин түптен сапластырыў имканиятын да бермекте. Бул болса аллергология тараўында сапа жағынан жаңа басқыш басланғанын көрсетеди.

Ҳәзирги қыс күнлеринде суўық тәсиринде жүзеге келетуғын аллергия да бар. Бунда тез-тез түшкириў, еринлердиң қурыўы, көгериўи, көз жасланыўы, бөртпелер шығыўы, қышыў сыяқлы белгилер бақланады. Тараў қәнигеси Илмира Розиқованың сөзлерине бола, буның себеби, бәринен бурын, иммунитет системасындағы әззилик пенен байланыслы. Яғный наўқас организми суўық температура тәсиринде сийрек ушырасатуғын патологиялық белок – криоглобулин ислеп шығара баслайды. Ол иммунитет клеткалары тәрепинен жат зат сыпатында қабыл етилип, ҳүжимге ушырайды. Бул процессте актив ислеп шығарылатуғын гистамин элементи аллергиялық реакцияга себеп болады.

– Суўықтан аллергия белгилери суўық температура тәсиринен 3-5 минут өткеннен кейин пайда болады ҳәм белгилери 1-2 сааттан бир неше күнге шекем даўам етиўи мүмкин, – дейди Илмира Розиқова. – Кеселликтиң өткир ҳәм созылмалы формасында қол, бет, жақ ҳәм аяқларда күшли қышыў пайда болып, кейин ала териде қызыл дақлар ҳәм көбикшелер пайда болады. Гейде дирилдеў, улуўма ҳәлсизлик, жүрек урыўы тезлесиўи ҳәм буўынларда аўырыў бақланады.

Дем қысылыўы, тахикардия, қан басымы пәсейиўи, жүрек алыўы, қусыў, қарын аўырыўы қыйнаўы мүмкин. Өткир респиратор вируслы кеселликке шалынған, аллергияга нәсиллик бейимлиги бар, асқазан-ишек жоллары ҳәм баўыр кеселликлеринен азап шегетуғын наўқасларда суўыққа сезгирлик көбирек жүзеге келеди. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде бул кеселлик ең алдынғы диагностика қураллары ҳәм арнаўлы усыллар жәрдеминде анықланып, наўқаслар нәтийжели емленбекте.

Аллергиялық кеселликлер бүгинги күнде глобаллық машқалаға айланған болса да, Өзбекстанда бул тараўда әмелге асырылып атырған системалы реформалар, инновациялық диагностика ҳәм емлеў усыллары, халықаралық стандартларға сәйкес медициналық хызметлер оған нәтийжели шешим табылып атырғанынан дерек береди.

“Аллергиялық кеселликлердиң алдын алыў ҳәм емлеўдиң сапасын арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар халықтың саламатлығын қорғаў, өмир ушын қәўипли жағдайлардың алдын алыў ҳәм елимиз медицинасының халықаралық абырайын беккемлеўге хызмет етпекте.

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзА