Өзбекстан Президенти ҒМДА мәмлекетлери басшыларыныӊ рәсмий емес ушырасыўында қатнасты

9

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-22-декабрь күнлери әмелий сапар менен Россия Федерациясында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 22-декабрь күни Санкт-Петербургтағы “Эрмитаж” мәмлекетлик музейинде ҒМДА мәмлекетлери басшыларының рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

Илажда Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян да қатнасты.

Ушырасыўда усы жылдағы биргеликтеги жумыслардың тийкарғы жуўмақлары есап-санақ етилди ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды. Сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша пикир алысылды.

Өз-ара товар алмасыўды арттырыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, транспорт тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, өз-ара инвестициялардың өсиўин хошаметлеў ҳәм кооперация жойбарларын қоллап-қуўатлаў, энергетика ҳәм санластырыўда шерикликти беккемлеў, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында қоспа жойбарларды кеңейтиў, сондай-ақ, аймақлар арасында узақ мүддетли бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Дослық аўқамы мәмлекетлери арасында мәдений-гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириў, атап айтқанда, жаслардың дөретиўшилик, инновациялық ҳәм интеллектуаллық потенциалын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Санкт-Петербургтағы рәсмий емес ушырасыўдың мәдений бағдарламасы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң басшылары менен биргеликте “Эрмитаж” мәмлекетлик музейине барды.

Жетекшилер сийрек ушырасатуғын көркем өнер дөретпелери ҳәм мәденият естеликлери жыйналған бул дүньядағы ең ири музейлерден бириниң экспозициясы менен танысты. Сапар етиў ўақтында Россия ҳәм Европа тарийхы және көркем мийрасының тийкарғы басқышларын сәўлелендирген Бас музей комплексиниң заллары менен танысты.

Делегациялардың басшылары Александр залында болып, көркем гүмис экспозициясын көзден өткерди, сондай-ақ, салтанатлы мәресимлер ҳәм рәсмий илажларды өткериў ушын мөлшерленген Пикетлер залын ҳәм Герблер залын барып көрди.

Қымбат баҳалы металлардан таярланған бийтәкирар буйымлар сақланатуғын Алтын ғәзийне, әпсаналық “Таўыс” механикалық сааты жайласқан Киши Эрмитаждың Павильонлар залы мийманларда айрықша қызығыўшылық оятты.

Сапар даўамында мәдений қарым-қатнасты беккемлеў, тарийхый мийрасты қәстерлеп сақлаў ҳәм Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасында гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары жуўмақланды.


ӨзА