Пухараларымыздын сырт елге карантин қадағалаўындағы аўыл хожалық ɵнимлерин алып шығыўда қаўипсизлик қағыйдалары

6

Ɵзбекистан Республикасы аймағын ɵсимликлер карантини қадағалауындағы ɵнимлерди алып кириу Ɵзбекистан Республикасы «Ɵсимликлер карантини ҳаққындағы» Нызамы, ɵсимликлер карантини қағыйдалары басқа нызам ҳужжетлер, фитосанитар талаплары,усы нызам ҳамде карантин рухсатнамасында белгиленген талаплар тийкарында амелге асырылады.

Ɵсимликлер карантини қадағалаўындағы ɵнимлер деп–ɵсимликлер, олардын бɵлеклери, егиу материаллары,қайта ислеу ɵнимлери, ɵсимликлер карантининдеги зыянлы организмлерди алып ɵтиўши болып хызмет кылыўы мумкин болған ɵнимлер ҳамде жуклер есапланады.

Исбилерменлик пенен шуғылланыўшы физикалық ҳамде юридикалық шахслар ушын экспорт қылыушы мамлекеттин ўакилликке ийе мамлектлик органлары тарепинен ɵсимликлер карантини қадағалауындағы ɵнимлердин ҳар бир транспорт бирлигине берилетугын ҳамде ɵсимликлер ɵнимлерде ɵсимликлер карантининдеги объектлер менен зыянланбағанлығын тастыйқлаушы халық-аралық нормадағы ҳужжет фитосанитар сертификат алыныўы ҳамде усы сертификатты алыу ушын ɵсимликлер карантини қадағалауындағы ɵнимлерди ɵсимликлер карантининдеги ҳам басқа зыянлы организмлер менен зыянланбаған болыўы кереклиги хам усы зыянлы организмлердин тарқалыўына жол қоймаўымыз керек.

Почта жɵнетпелеринде сондай-ак автомобиль,ҳауа ҳамде темир жол транспорты экипажы ағзалары ҳамде жолаўшыларынын багажында (қол жуги) Ɵзбекистан Республикасына алып кириў яки оннан алып ɵтиуде (транзит) кадаған етилген ɵсимликлер карантини қадағалаўындағы ɵнимлер бар екенлиги анықланса ɵсимликлер карантини қорғаў агентлиги инспекторлары тарепинен усы ɵнимлер алып қойылады багажы (қол жуги)ийелери қатнасында зыянсызлантырылады яки жоқ етиледи ҳамде ɵсимликлер карантини қорғау агентлиги инспекторлары тарепинен еки нусхада далалатнама дузиледи онын бир нусхасы ɵним яки багаж (қол жуги)ийесине тапсырылады.

Ɵзбекистан Республикасы аймағына сырттан кирип келиўи мумкин болмаған ɵсимликлер, егиў материаллары, ɵсимликлер карантини қадағалаўындағы ɵнимлер ҳам олардын аймағы дизимине киритилген ɵсимликлер карантини қадағалаўындағы ɵнимлер, жабайы шɵплердин карантин турлери қайта исленген ҳалатда азықлық от-жем ҳамде илимий мақсетлерде республикаға алып кириўге рухсат бериледи.

Дипломатик ўакилликлер атына жиберилген ɵсимликлер карантини қадағалаўындағы ɵнимлер ɵсимликлер карантини қорғаў агентлиги инспекторлары тарепинен онын ийеси (ўакили) ҳам жук келип тускен орындағы бажыхана хызметкерлери қатнасында лаборотория тексериуи ушын улгилер алған ҳалда олар ɵсимликлер карантини қадағалаўынан ɵтеди.Усы жуклерге экспорт қылыушы мамлекетлердин тийисли мамалектлик органлары тарепинен берилген фитосанитар сертификаты яки гууахнамасы болыўы талап етиледи.

Ɵсимликлер карантини қадағалаўындағы ɵнимлердин улгилеринде ɵсимликлер карантининдеги зыянлы организмлер менен зыянланыў белгилери анықланса олар экспертиза ушын тийисли карантин лабороториясына жибериледи. Усы улгилерде карантиндеги яки басқа қаўипли зыянкеслер анықланса,оларды зыянсызландырыў яки жук жɵнетиўшиге қайтарып жибериў шарт, жук жɵнетиўшиге қайтарып жибериўдин имканияты болмаса жоқ қылыныўы лазым.Бул ҳаққында ɵсимликлер карантини қорғау агентлиги инспекторлары тарепинен далалатнама дузиледи ҳамде мап кɵриуши тареплерге уш ис кунинде малим қылынады.

Ҳазирги ўақытта республикамыз турғынларынын сырт мамлекетлерге хызмет сапары, жумыс ислеу мақсетинде ҳамде басқа себеплер менен шығып атырғанлығын ҳамде пухараларымыздын ɵзлеринин жакынларынын ден-саулығына итибарлы болған ҳалда ҳамде республикамыздын аўыл хожалығы тараўына сырт мамлекетлерден зыянкеслердин кирип келмеўине жол қоймаўымыз ушын алып кирип атырған аўыл хожалық ɵнимлеринин сапасына итибар бериуге шақырып қаламыз.

Ɵсимликлер карантини ҳам қорғаў
агентлиги инспекторлары:
А.Нурманов