Өзбекстан Президенти Японияға жөнеп кетти

35

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Санаэ Такаичидиң мирәт етиўине бола 18-декабрь күни рәсмий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Сапар бағдарламасына муўапық, Токиода бир қатар жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ҳәм илажлардың өткерилиўи режелестирилген.

Өзбекстан – Япония стратегиялық шериклиги ҳәм көп қырлы бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў ҳәм кеңейтиў мәселелери дыққат орайында болады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Президенти “Орайлық Азия + Япония” қарым-қатнасы мәмлекет басшыларының биринши саммитинде қатнасады.

ӨзА