Жаслар тәрбиясында бирге ислесиўдиң әҳмийети артпақта

17

Нөкис қаласындағы 46-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде алып барылып атырған руўхый-ағартыўшылық илажлар шеңберинде, “Коррупцияға қарсы гүресиў айлығы” мүнәсибети менен “Заковат” интеллектуаллық ойыны өткерилди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм мектеп администрациясы менен биргеликте 10-класс оқыўшылары арасында өткерилген бул жарыста қатнасыўшылар өзлериниң зийреклигин, билимин көрсетип, коррупция ҳәм оған қарсы гүресиў, нызамшылықта көрсетилген нормаларға ҳәм басқа да усыған байланыслы мәселелер туўралы берилген сораўларға анық жуўап бериўге ҳәрекет етти.

Университетте жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда ректордың Жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры С.Алаўатдинов мектеп администрациясына ҳәм жеңимпаз болған оқыўшылардың класс басшыларына “Диплом”лар тапсырды. Өз гезегинде, мектеп администрациясы да университет администрациясы ҳәм оқытыўшыларына “Алғыснама”лар тапсырды.

Илажда жаслардың интеллектуаллық билимин арттырыў, коррупцияның алдын алыў бағдарындағы биргеликтеги үгит-нәсият илажлары ҳәм басқа да жаслардың жетик инсанлар болып жетилисиўине қаратылған илажлар, жаслар тәрбиясында профессор-оқытыўшылардың мүмкиншиликлеринен пайдаланыў, бирге ислесиў еле де даўам ете бериўи бойынша усыныслар билдирилип, ўазыйпалар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги